Корё университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары ТашПМИ Нөкис филиалына келди. Бул ҳаққында инситуттың баспасөз хызмети хабар бермекте.

Усы жылдың 12-июль күни Қубла Корея Республикасының Корё университетинен келген делегация ағзалары ТашПМИ Нөкис филиалында болды.

Филиалдың мәжилислер залында «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм сақлаў» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти.  Оған Корё университети ҳәм ТашПМИ Нөкис филиалының профессор-оқытыўшылары және студент-жаслары қатнасты.

Конференцияның тийкарғы мақсети – Республикамыздағы бар экологиялық машқалаларды үйрениў ҳәм оларды сапластырыў жолларын излеў. Сондай-ақ, бирге ислесиўди буннан былай да жетилистириўден ибарат болып табылады.

Конференция даўамында Корё университетиниң студент-жаслары Япония басқыншылығы ҳәм Корея урысынан кейин жүзеге келген экологиялық жағдайды 50 жыл ишинде қалай сапластырылғанлығы ҳаққында және Корея Республикасы экономикасының жедел пәтлер менен раўажланыўы ҳәм экологиялық машқалалардың да пайда болыўы ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында презентациялар усынды. Сондай-ақ, ТашПМИ  Нөкис филиалы студентлери тәрепинен Арал теңизиниң тарийхы, флора ҳәм фауна дүньясы, Аралдың қурып қалыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдайлар және оларды сапластырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм де теңиздиң ҳәзирги жағдайы бойынша баянатлар жасады. Конференцияда ҳәр қандай экологиялық машқаланы, соның ишинде, Арал машқаласын да сапластырыў мүмкин екенлиги, бул ушын ҳәмме биргеликте ҳәрекет етиў керек екенлиги айрықша атап өтилди.

Конференция жуўмағында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги