Елимизде жаздың шиллеси басланған ўақытта адамлар арасында «температура төменлетип айтылып атыр» деген гәплерди көп еситемиз. Шынында да температура төменлетип айтыла ма, ямаса үйдеги сынаплы температура өлшегиш ҳәм қәнигелердиң температура өлшегиши арасында парқлар бар ма? Бул сораўларға Гидрометеорологиялық хызмет орайы жуўап берди.

Жаз мәўисими даўам етпекте ҳәм халық арасында және «синоптиклер температураның ҳақыйқый көрсеткишлерин жасырады, негизинде температура күндизги ўақытлары 47-50 градус» деген гәплер «балалайды». Айырымлар болса өзлериниң турмыслық әсбаплары 60 градусты көрсетип атырғанын айтпақта. Бундай адамларды исендириў қыйын.

Солай болса да, және бир мәрте температураның қалай өлшениўи ҳаққында мағлыўмат беремиз.

Ҳәзир халық арасында температураны анықлайтуғын турмыслық термометрлер кең қолланылмақта. Көбинесе бул әсбаплардың қабыл етиўши бөлими, қаладағы электрон таблоларға температура ҳаққындағы мағлыўматларды жеткеретуғын термометрлердиң қабыл етиўши бөлимлери қуяштың нурлары тик түсиўинен ямаса әтираптағы предметлердиң ыссылықтан нурланыўынан қорғалмаған. Бундай жағдайда термометр ҳаўаның температурасын емес, ал термометрдиң қабыл етиўши бөлиминиң қызыў дәрежесин өлшейди.

Қуяш нурлары тик түсетуғын (ашық ҳаўада) жерде болған адам ҳаўаның температурасын емес, қуяштан келип атырған, жердиң бетинен көтерилген және әтираптағы қызып кеткен предметлер өзинен шығарып атырған энергия тәсиринде ыссылық басымын сезеди. Автомашинадағылар қуяш нурлары тәсиринде қызып кеткен машина корпусының ыссылықтан нурланыўын сезеди. Сол себепли тик түсип турған қуяш нуры астындағы температура саяға салыстырғанда бир қанша жоқарыдай болып сезиледи.

Ыссылықтан нурланыў факторларының тәсирин есапқа алмастан ҳәм метеорологиялық бақлаўлардың салыстырыла алыныўын тәмийинлеў мақсетинде олар дүнья жүзинде Дүнья жүзилик Метеорологиялық шөлкеминиң қағыйдаларына муўапық бирден-бир усылда ҳәм бирден-бир стандартлық шараятларда өткериледи. Атап айтқанда, ҳаўаның температурасы жер бетинен 2 метр бийикликке орнатылған арнаўлы самаллатылатуғын метеорологиялық будкада өлшенеди. Өлшеў әсбаплары турақлы түрде тексериледи, олардың көрсеткишлери эталон әсбап көрсеткишлери менен салыстырылады.

Сол себепли, ҳаўаның температурасы ҳаққында анық мағлыўматларды билиў нийетинде болсаңыз, Өзгидромет прогнозларынан пайдаланың ҳәм оларға исениң.

Қала халқы жаздың ыссы ҳаўа райын жеңиллеў өткериўи ушын қойыў сая беретуғын тереклерди көбирек егиўи, халықтың дем алыўы ушын жасыл бағлар ҳәм терекликлерди пайда етиўи, салмаларды шығындылардан тазалап, суў менен толтырыўы керек. Булардың барлығы қалада нормадағы микроклимат ҳәм усындай жәзийрама ыссы күнлерде қолайлы жасаў шараятларын жаратады, – деп жазылған хабарда.

Атап өтилиўинше, дүньядағы ең жоқары ҳаўа температурасы АҚШтың Калифорния штатындағы Өлим алабы ҳәм Ливия шөлинде дизимге алынған (57-58 градус цельций). Өзбекстанда ең жоқары температура Қызылқум шөлинде ҳәм Термиз қаласы жанында дизимге алынған (50 градус цельций).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.