Инсанның өмири қуўаныш және тәшўишлерден ибарат. Соның ушын халқымыз «Биреўди көрип пикир етесең, биреўди көрип шүкир етесең»,-деп бийкарға айтпаған. Нөкис қаласында жасаўшы Қәлбийке апа Бисенованың турмысында айырымлардың өз исине болған бийпәрўалығы, орынсыз қағазпазлықлар нәтийжесиндеги әўерегершилиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасы хызметкерлериниң әмелий жәрдеми менен унамлы шешимин тапты.

Гәп сонда, Қәлбийке апа 2002-жылдың 6-сентябрь күни қызы Айгүлден ақлық көрди. Оған жақсы нийетлер ҳәм үлкен үмитлер менен Гүлдана деп ат қойды.

Арадан бир жылға шамалас ўақыт өтип екинши ақлықлы болды. Еки перзентти тәрбиялаў жас анаға қыйыншылық туўдырды. Усыны есапқа алған ҳалда үлкен ақлығын өзиниң баўырына басты. Ақлығы да ўақыт өткен сайын сүйикли кемпир апасына ҳақыйқый анасы сыяқлы меҳир қоя баслады.

Арадан жыллар өтти. Қызы Айгүл шаңарағы менен Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласына көшип кетти. Қалбийке апа болса, үлкен ақлығы Гүлдана менен Нөкис қаласындағы үйинде жасап қалды. Перзент үлкейген сайын тәшўишлери де көбейеди,-дегениндей, енди ержеткен ақлығына пуқаралық паспортын алыў ўақты келди.  Бул ушын туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты өзгертиўге туўра келди.

Көптен бери күйеў баласы Баўыржан Айтжанов пенен қызы Айгүл Бисенованың Қалбике апаға өзи тәрбиялап киятырған ақлығын перзентликке алыўды усыныс етип киятырған еди. Бул бойынша өзлериниң разылығын билдирген ҳалда Қазақстан Республикасынан нотариус тәрепинен тастыйықланған исеним хатларын да жиберди. Тийисли ҳүжжетлерди толтырып, ақлығын перзентликке алыў бойынша пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына арза берди. Оның арзасы қанаатландырылып, 2019-жылдың 25-март күни суд қарары шықты. Бирақ туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықтың «әкеси» деген графасын жазыў бираз машқала пайда етти. Бул мәселеде суд оны Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлимине, ПҲАЖ хызметкерлери болса судқа жиберди. Қулласы, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алғаны менен, оны тийисли графаларын толтырыўда, мине, усындай әўерегершиликти бастан кешириўге туўра келди.

Ақыры Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы Халық қабыллаўханасына мүрәжат етиўге туўра келди. Халық қабыллаўханасы баслығы Азат Сейтанов, оның қәнигелери оны жыллы-жүзлилик пенен күтип алды. Усы жерде қабыллаўхана баслығы Азат Сейтанов узақ жыллар суд тараўында басшы лаўазымында ислегенлиги машқалаланың унамлы шешилиўинде тийкар болды.

Олардың жәрдеминде Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судына кассация тәртибинде арза жазды. Оның арзасы судлаў коллегиясына басшылық етиўши С.Қайыпназарова, коллегия ағзалары А.Аяпов және А.Керимбаевлардан ибарат қурамда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 151-статьясы 1 ҳәм 2-бөлимлерине муўапық,  перзентликке алыўға тек ержетпеген балаларға байланыслы ҳәм тек олардың мәплери гөзленген ҳалда жол қойылады.  Перзентликке алыў оларды алыўды қәлеген шахслардың (шахстың) арзасына бола, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлардың перзентликке алыўдың тийкарлы екенлиги ҳәм перзентликке алынып атырған баланың  мәпине туўра келиўи ҳаққындағы жуўмағы есапқа алынған ҳалда  суд тәрепинен әмелге асырылады.

Перзентликке алыў ҳаққындағы ислер Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық Кодексинде нәзерде тутылған қағыйдалар бойынша айрықша ис жүргизиў тәртибинде, перзентликке алыўшылар (алыўшы), әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлардың ўәкиллери, сондай-ақ, прокурордың қатнасында көрип шығылады. Аға-инилерди, апа-сиңлилерди түрли шахслар тәрепинен перзентликке алыўға жол қойылмайды, перзентликке алыў балалардың мәплерине муўапық келген жағдайлар буларға кирмейди,-делинген.

Бала бир шахс тәрепинен перзентликке алынып атырғанда  оның мәплерин гөзлеп, егер перзентликке алыўшы ер адам болса, анасының қәлеўине қарай, яки егер перзентликке алыўшы  ҳаял болса, әкесиниң қәлеўине қарай, сондай-ақ,   егер перзентликке алынып атырған баланың әкеси ямаса анасы қайтыс болған болса, қайтыс болған әкеси ямаса ана атан-анасының (атасы ямаса кемпир апасы) өтинишине қарай судтың перзентликке алыў ҳаққындағы қарарында перзентликке алынған баланың әкеси ямаса анасы менен яки қайтыс болған әкесиниң ямаса анасының ағайинлери менен ҳуқықый мүнәсибетлери сақланып қалатуғыны көрсетип өтилген.

Биринши инстанция суды тәрепинен Қ. Бисенованың арзасын қанаатландырыў туўралы дурыс шешим қабыл етилген. Бирақ, 2002-жылдың 6-сентябрь күни туўылған Гүлдана Исакованың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығының жазыўына перзентликке алынып атырған баланың фамилиясын, атын, әкесиниң атын, «әкеси» деген графаға қайсы фамилияны жазыў кереклигин көрсетпестен қәтеликке жол қойған деп, есаплайды коллегия. Соның ушын да, коллегия биринши инстанция судының қарарына 2002-жылдың 6-сентябрь күни туўылған Исакова Гүлдана Баўыржановнаның туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығының жазыўына  оның фамилиясын «Бисенова Гүлдана Тулегеновна» деп, «әкеси» деген графаға болса «Бисенов Тулеген» деп өзгертиў киргизиўди лазым тапты.

Солай етип, бир ҳаялдың ақлығын перзентликке алыўдағы әўерегершилигине шек қойылды. Суд қарары менен қайта жазылған туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы менен енди ақлығы емес, ал, қызы болған Гүлданаға жақында Өзбекстан Республикасының пуқаралық паспортын алды.

-Президентимиз Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде, «Егер де ҳаял-қызлардың көзинде бир тамшы жас болса, демек онда биз олардың ишки дүньясын билмегенимиз»,-деген пикирлери бизлерге болған айрықша ҳүрмет және итибардың айқын көриниси болды,-дейди Қалбике апа қуўанышын жасыра алмай.-Бизиң аўырымызды жеңил, узағымызды жақын етиў мақсетинде орынларда шөлкемлестирилген Халық қабыллаўханалары пуқаралардың ҳақыйқый таянышы бенен сүйенишине айланбақта. Бул ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз. Елимиз басшысының атап өткениндей, егер ҳаял, ана бахытлы болса, шаңарақ бахытлы болады, шаңарақ бахытлы болса, пүткил жәмийет,  мәмлекет беккем ҳәм турақлы болады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.