Республикамыздың көпшилик аймақларында жоқары ҳаўа температурасы ҳүким сүрип атырғаны себепли Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жумысшыларды мийнеттен ўақытша азат етиў мәселесинде мағлыўмат берди.

Өзбекстанның бас санитар шыпакери тастыйықлаған өндирислик бирлеспелериниң микроклиматлық санитариялық-гигиеналық нормаларына муўапық, өндирислик орталығында метеорологиялық ямаса микроклиматлық шараятлар төмендегилер: ҳаўа температурасы, ҳаўаның салыстырмалы ығаллығы, ҳаўаның ҳәрекетлениў тезлиги ҳәм қызып турған үскенелерден шығатуғын температураға байланыслы көрсеткишлер.

Усы факторларды есапқа ала отырып, жабық имаратларда әмелге асырылатуғын жеңил физикалық жумыслар ушын жылдың суўық ҳәм өтиў дәўириндеги оптимал микроклиматлық көрсеткишлери төмендегише болыўы керек: ҳаўа температурасы – 20-23 градус, ҳаўаның салыстырмалы ығаллығы – 40-60 процент, ҳаўаның ҳәрекетлениў тезлиги көби менен 0,2 метр/секундты қураўы керек. Соның менен бирге ҳаўаның температурасы 19-25 градус, салыстырмалы ығаллық 75 проценттен көп болмаған, ҳаўаның ҳәрекетлениў тезлиги 0,3 метр/секундтан өтип кетпеўине жол қойылады.

Аўыр жумыс шараятларында ҳаўа температурасының әдеттеги нормалары 4-5 градус, жол қойылатуғын нормалар бойынша 6 градус төмен болыўы керек. Жылдың ыссы ўақтында ҳаўа температурасына байланыслы нормалар 2-3 градусқа көп болыўына да рухсат бериледи.

Усы микроклиматлық нормаларды өндиристеги технологиялық процесс ямаса экономикалық жақтан тәмийинлеў имканияты болмаған санаат объектлеринде хызметкерлердиң ыссыдан қызып кетиўи ямаса суўыққа тоңып қалыўына қарсы шаралар көрилиўи керек.

Атап айтқанда, хызметкер әтирапындағы ҳаўаны салқынлатыў системасы, ҳаўа душы, дем алыў ҳәм жылытыў бөлмелери, оғада жоқары ҳәм төмен температурадан қорғайтуғын арнаўлы кийим, жеке қорғаныў қураллары, жумыстағы дем алыў ўақытлары сыяқлылар усылардың қатарына киреди. Ыссы урыўына қарсы шаралар сыпатында, қурылмалар ҳәм қорғап турыўшы қатламлардың сыртқы температурасы 45 градустан өтип кетпеўи керек.

Сондай-ақ, Мийнет нызамшылығына муўапық, барлық кәрханаларда қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын шараятлар жаратылыўы керек. Соның менен бирге, айырым түрдеги жумысларды орынлаўшыларға, мийнет шараяты, денсаўлыққа тәсири ҳәм басқа жағдайлардан келип шығып шәртнамаға муўапық, мийнет ҳақы кемейтилмеген жағдайда мийнет ўақты даўамлылығын азайтыўға рухсат бериледи.

 

Жумыс ўақты төмендеги адамларға мийнет ҳақы сақланған ҳалда азайтылады:

– 18 жасқа толмаған хызметкерлерге;

– I ҳәм II топар майыпларына;

– қолайсыз мийнет шараятларында ислейтуғынларға;

– қурамалы мазмунға ийе жумысларда ислейтуғынларға;

– мәмлекетлик бюджет тәрепинен қаржыландырылып атырған шөлкем ҳәм кәрханаларда ислеп атырған 3 жасқа шекемги болған перзенти бар ҳаялларға.

Нызамшылыққа муўапық, қәўипли ҳәм қолайсыз мийнет шараятларында жумыс ислеп атырғанлар, шараят дәрежесине муўапық қосымша түрде 3-24 күнге шекем мийнет дем алысына шығыўы мүмкин.

Мийнет кодексиниң 219-статьясында болса хызметкер өз денсаўлығы ямаса өмирине қәўип салатуғын жумысты орынлаўдан бас тартыўға ҳақылы екенлиги белгилеп қойылған.

Бундай жағдайда хызметкер мийнет процесинде оның денсаўлығы ҳәм өмирине қәўип салатуғын жағдай жүзеге келгени ҳаққында жумыс бериўшини дәрриў ескертиўи керек болады. Бул жағдайлар тастыйықланса, жумыс бериўши оларды сапластырыў илажларын көреди. Егер зәрүр илажлар көрилмесе, хызметкер оның денсаўлығы ҳәм өмирине қәўип салатуғын жағдай сапластырылғанға шекем жумыс ислемеўге ҳақылы. Бул ўақыт даўамында оның мийнет ҳақысы сақланып қалынады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.