Парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршең механизмлерин қәлиплестириў мақсетинде қала ҳәм районларда ҳақыйқый жағдайды үйренип, тийисли басшылардың есапларын халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң сессиясында додалаўға киргизиў тәртибин енгизиў ҳәзирги ўақытта елимиз парламентиниң әҳмийетли бағдарларының бири болып қалмақта.

Усы жыл 9-июнь күни халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң сессиясы болып, оған республикамыздан сайланған Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, республика ҳәм  район басшылары, мәкеме, кәрханалардың, хожалық жүргизиўши субъектлердиң, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, исбилерменлер ҳәм фермерлер қатнасты.

Онда депутатлар районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың  барысын талқылады.

Сессияда парламент ағзалары тәрепинен райондағы исбилерменлик субъектлери, фермер хожалықлары, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў мәкемелери, саўда ҳәм турмыс хызметин көрсетиў, ҳуқық қорғаў уйымлары менен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, район халқы менен тиккелей сәўбетлесиўлер барысында көтерилген мәселелер сын көз-қарастан көрип шығылды. Атап айтқанда, райондағы 14 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларындағы 378 шаңарақта жасап атырған 2977 пуқара менен пикирлесиў жүргизилди.

Атап өтилгениндей, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаў бойынша бир қатар шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий жумыслар алып барылған. Әҳмийетлиси, халқымыздың турмыс дәрежесин избе-излик пенен арттырыўға, оларды тәшўишлендирип жүрген машқалаларды сапластырыўға, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде қабыл етилип атырған әҳмийетли пәрманлар менен қарарлардың орынланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Шаңарақларда алып барылған пикирлесиўлер болса пуқаралардың елимиздиң сиясий, социаллық-экономикалық турмысындағы жаңаланыўларды ҳәм кең көлемли реформаларды шын жүректен қоллап-қуўатлап атырғанын көрсетпекте.

Депутатлар тәрепинен денсаўлықты сақлаў тараўының жағдайына айрықша итибар қаратылды. Әсиресе, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўди және де жақсылаў мәселелери терең талқыланды. Үйрениўлер даўамында пуқаралар медициналық хызмет көрсетиўде тәжирийбели маман медицина хызметкерлери және зәрүрли дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеўди жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Сессияда районда ерисилген табыслар менен бирге ҳәзирги ўақытта өз шешимин күтип турған айырым машқалаларға ҳәм кемшиликлерге де тоқтап өтилди. Мәселен, халыққа көрсетилип атырған «тез медициналық жәрдем» хызмети жақсы жолға қойылмаған, орынларға кешигип жетип барыў жағдайлары ушыраспақта. Аймақта тәжирийбели медицина хызметкерлери жетиспейди, көп тармақлы ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумысларын еле де жетилистириў зәрүр.

Районда бүгинги күнде 63 көп қабатлы турақ жай бар болып, оларға  хызмет көрсетиўши жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетиниң жумысы қанаатландырарлы дәрежеде шөлкемлестирилмеген. Мәселен, коммерциялық банклер тәрепинен есап-бетлериниң ашылмағанлығы нәтийжесинде усындай  ширкетлердиң жумысы дурыслы жолға қойылмаған. Халық тәрепинен сайланған ширкет баслықлары өз жумыслары ҳаққында жетерли мағлыўматларға ийе емес. Бул өз гезегинде көп қабатлы турақ жайларда жасаўшы халықтың ҳақылы түрде наразылықларына себеп болмақта. Соның менен бирге, үйрениўлердиң нәтийжелери районда басқа тараўларда да өз шешимин күтип турған бир қатар машқалалардың бар екенлигин көрсетпекте. Соның ишинде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәпдар шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилиги талап дәрежесинде емес. Кәсип-өнер колледжлери питкериўшилерин жумыс пенен тәмийинлеўде көз бояўшылықларға жол қойылып атырғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, районлық электр тармақлары кәрханасының тутыныўшыларға хызмет көрсетиў сапасы төмен дәрежеде екенлиги пуқаралардың орынлы наразылықларын келтирип шығармақта. Бундай жағдайлар тәбийғый газ, ишимлик суўы тәмийинатында да ушыраспақта.

Сессияда, сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңеси, оның турақлы комиссияларының жумысларына да сын көз-қарастан баҳа берилди. Мәселен, сессия мәжилислери системалы түрде өткерилмей, онда мәселелер жүзеки талқыланып атырғаны, жергиликли Кеңес ҳәм оның депутатларының жумысын түпкиликли жетилистириў, онда депутатлық қадағалаўды күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Сессияға Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмаилов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги