Нөкис районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген семинар болып өтти. Оған ҳәкимият ҳәм басқарма басшылары, қәнигелери, фермерлер қатнасты.

Семинардың мақсети – жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июнь күнги «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң берилиўин және де тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманын кең жәмийетшиликке жеткериў болып есапланды.

Онда мәмлекетимизде бәсекиге шыдамлы өндиристи хошаметлеў, исбилерменликти ҳәм саламат бәсеки орталығын қоллап-қуўатлаў, мәмлекеттиң экспортлық потенциалын кеңейтиў ҳәм хошаметлеў және ишки базарды сапалы тутыныў товарлары менен тәмийинлеўге бағдарланған салыққа тартыў ҳәм бажыхана-тариф системасын тәртипке салыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанлығы атап өтилди.

Қабыл етилген Пәрманға муўапық 2019-жыл 1-августтан баслап бирден-бир жер салығын төлеўши есапланған аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар ықтыярлы түрде қосымша қун салығын төлеўге өтиўи мүмкин.

– Пәрманда қосымша қун салығының толық түрдеги шынжырын жаратыў ҳәм барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын теңдей шараятларды тәмийинлеў мақсетинде 2019-жыл 1-октябрьден баслап өзи ислеп шығарған аўыл хожалығы өнимлерине ҳәм Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған азық-аўқат өнимлерине белгиленген қосымша қун салығы бойынша жеңилликлер бийкар етилгенлиги көрсетип өтилген,-дейди Нөкис районы дийқан, фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы Е.Жақсымов.

Илажда ықтыярый рәўиште қосымша қун салығын төлеўге өткен бирден-бир жер салығын төлеўшилер қосымша қун салығы менен биргеликте аўыл хожалығы егинлериниң норматив қунынан 0,95 процент муғдарда бирден-бир жер салығын төлеў миннетлемеси сақланып қалатуғынлығы да атап өтилди.

Илаж даўамында, 2019жыл 1-октябрьден баслап 2019-жыл 1-январь күнинен сентябрь айына шекем 1 миллиард сумнан аслам ақша айланысы (түсими)на ямаса 50 гектардан зыят аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларына ийе болған бирден-бир жер салығын төлеўшилер қосымша қун салығын төлеўшилер есапланатуғыны ҳәм белгиленген тәртипте қосымша қун салығын төлеўши сыпатында дизимнен өтиўи шәрт екенлиги түсиндирилди.

Усы пәрманнан келип шығып, республикамызда дәслепки таллаўларға қарағанда 2737 фермер хожалығының қосымша қун салығын төлеўге өтиўи нәтийжесинде бюджетке 41,2 миллиард сум қосымша түсим түсиўи күтилмекте.

Қабыл етилген бул пәрман өнимлердиң базар баҳасына өзиниң кери тәсирин көрсетпейди ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өз жумысларын кеңейтиўине ҳәм де оларға көплеп имканиятлар ҳәм шараятлардың жаратылыўына хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.