Бүгин, 11-июль күни пайтахтымыздағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешитиниң мәжилислер залында имәм-хатиблердиң билимин  жетилистириў бойынша оқыў семинары болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар берди.

Семинардың ашылыўына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы А.Сейтимбетов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов ҳәм бир қанша билимлендириў мәкемелери, жоқары оқыў орынларының ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, мешитлердиң имәм-хатиблери, Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орнының оқытыўшылары ҳәм тыңлаўшылары қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Илаж даўамында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы қатнасыўшыларға Өзбекстан халықаралық Ислам академиясының Қарақалпақстан Республикалық аймақлық филиалы директоры Әмет Абибуллаевты таныстырды.

Мағлыўмат ушын, академияның республикамыздағы аймақлық филиалы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы диний тараў қәнигелериниң билимлерин жетилистириўге хызмет етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.