Президент Шавкат Мирзиёев 10-июль күни қамсызландырыў хызметлери базарын раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Қамсызландырыў хызметлери экономиканы ҳәр қыйлы финанслық қәўип-қәтерлерден қорғаўшы қураллардан бири есапланады. Бирақ мәмлекетимиздиң қаржы базарында бул хызметлердиң орны ҳәзирше жетерли емес.

Усы жылдың алты айы даўамында қамсызландырыў шөлкемлери тәрепинен жыйналған қамсызландырыў сыйлығы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,5 есеге өскен болса да қамсызландырыў түсими халықтың жан басына  50 мың сумнан туўра келген.

Бул тараўдың мәмлекетимиздиң жалпы ишки өнимдеги үлеси тек ғана 0,4 проценти қурамақта. Салыстырыў ушын. бул көрсеткиш Қубла Кореяда 11 процент, Германияда 6 процент, Россияда 1,5 процентти қурайды.

Буның тийкарғы себеплеринен бири – қамсызландырыў хызметлери жетерли дәрежеде тартымлы емеслигинде. Мәселен, өткен алты айда улыўма қамсызландырыў тармағында 887 миллиард сум қамсызландырыў сыйлығы жыйналған болса да, бул дәўирде қарыйдарларға төленген қамсызландырыў қапламасының көлеми сыйлықтың тек ғана 11 процентине туўра келген. Дүньяда болса бул көрсеткиш орташа 50-60 процент.

Мәжилисте Қаржы министрлиги жанындағы Қамсызландырыўды қадағалаў мәмлекетлик инспекциясын бүгинги күнниң талапларынан келип шығып, түп-тийкарынан реформалаў мәселеси додаланды.

Тараўға қадағалаўшы емес, алдынғы ҳәм заманагөй стандартларды енгизетуғын, барлық қатнасыўшылар арасында шын мәнисинде бәсеки орталығын жаратып, қамсызландырыў базарын раўажландыратуғын струкрура керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан бул инспекцияны сапластырып, Қамсызландырыў базарын раўажландырыў агентлигин шөлкемлестириў усыныс етилди. Жуўапкерлерге қамсызландырыў тараўын орта ҳәм узақ мүддетли раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў, 2022-жылға шекем халықтың жан басына туўра келетуғын қамсызландырыў сыйлығының көлемин 3 есеге, тараўдың жалпы ишки өнимдеги үлесин болса 2 есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Бәринен бурын, халық ҳәм исбилерменлердиң қамсызландырыўға исенимин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитетине қамсызландырыў даўаларын көрип шығыў мүддетлерин ҳәм ҳүжжетлерин қысқартыў, қамсызландырыў ҳәдийсесин әдил баҳалаў ҳәм төлемлерди тезлик пенен төлеў системасын енгизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Қамсызландырыў шөлкемлериниң инвестициялық жумысын қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Соның ишинде, қамсызландырыў компанияларының лизинг жумысы менен шуғылланыўын хошаметлеў ҳәм лизинг хызметлери бойынша салыққа тартыў системасын жетилистириў ўазыйпалары белгиленди.

Экономика тармақларын қамсызландырыў хызметлери менен қамтып алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Қаржы министрлиги және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын қамсызландырыў қәрежетлериниң бир бөлегин мәмлекет тәрепинен субсидиялаў механизмлерин енгизиў бойынша көрсетпе берилди.

Миллий қамсызландырыў компанияларының халықаралық қаржы базарларына шығыўын тәмийинлеў, алдыңғы корпоратив басқарыў системасын енгизиў арқалы халықаралық рейтинглерди алыў бойынша да анық ўазыйпалар белгиленди.

Қамсызландырыў тараўында заманагөй кадрларды таярлаў, қәнигелерди абырайлы сырт ел билимлендириў мәкемелеринде оқытыў ҳәм жетекши компанияларда қәнигелигин арттырыў мәселелерине де итибар қаратылды.

Мәмлекетимизде мәжбурий медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў ҳаққында сөз болып, мәмлекетимиз басшысы оған пуқта таярлық көриў, медициналық хызметлердиң минимал социаллық пакетин қәлиплестириў кереклигин атап өтти.

1.jpg

ӨзА