Алдын сайтымыз арқалы 5 жыллық стажға ийе болған абитуриентлер жоқары оқыў орынларының сыртқы ҳәм кешки бөлимлерине тест сынақларысыз, сәўбет арқалы қабылланыўы мүмкинлиги ҳаққында хабар берген едик.

 

Хош, бул қалай әмелге асырылады?

 

1) Төмендеги дизимде келтирилген министрлик, мәкеме ҳәм ири хожалық бирлеспелери 5 жыллық стажға ийе болған хызметкерлерин жоқары оқыў орынларының сыртқы ҳәм кешки бөлимлерине усыныс ете алады:

 

2) Дизимде келтирилген министрлик, мәкеме ҳәм ири хожалық бирлеспелери 2019-2020-оқыў жылы ушын 100 хызметкерге шекем усыныс етиўи мүмкин;

 

3) Бунда усыныс етилген абитуриентлер ушын сыртқы бөлимге 5 жыллық, кешки бөлимге 4 жыллық мийнет стажы талап етиледи;

 

4) Контракт пуллары усыныс еткен министрлик, мәкеме ямаса ири хожалық бирлеспелериниң есабынан төлеп бериледи;

 

5) Бундай усыныснамаға ийе болған абитуриентлердиң жоқары оқыў орнының сыртқы ҳәм кешки бөлимлерине оқыўға қабыллаў ҳаққындағы арзалары усы жылдың 20-июль күнине шекем (усы күни де) қабыл етиледи;

 

6) Усыныснамаға ийе болған абитуриентлер қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– тәлим бағдары, оқыў тили, формасы (сыртқы ямаса кешки) көрсетилген арза;

– улыўма орта билимлендириўди (11-класс тийкарында) питкергени ҳаққындағы ҳүжжет ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесин питкергени ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм оның қосымшасының түп нусқалары;

– паспорт  нусқасы;

– 3,5 х 4,5 см өлшемдеги 6 дана реңли фотосүўрет;

– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме;

– абитуриенттиң ислеп атырған орны бойсынатуғын министрлик, мәкеме ямаса ири хожалық бирлеспесинен белгиленген формадағы усыныснама;

– усыныс берген министрлик, мәкеме ямаса ири хожалық бирлеспесиниң студенттиң барлық оқыў дәўири ушын төлемли контракт қаржыларын өз ўақтында төлеп бериў бойынша кепиллик хаты.

 

Усыныснамаға ийе абитуриент тәрепинен паспорттың түп нусқасы қабыллаў комиссиясына көрсетиледи.

 

Усыныснамаға ийе болған абитуриентлер менен сәўбетлер 10-августтан 20-августқа шекем өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.