Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифинг өткерилди.

Күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда жумыс алып барып атырған «Ҳаяллардың социаллық бейимлесиў мәсләҳәт» орайлары тәрепинен усы жылдың өткен алты ай даўамында әмелге асырылған жумыслар қаралды.

Брифингти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова басқарып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-июльдеги «Социаллық бейимлестириў, сондай-ақ, шаңарақлық-турмыслық зорлық ислетиўдиң алдын алыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген бул орайлар аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелий илажлардан бири болғаны атап өтилди.

Орайлар шаңарақлық машқалалар ҳәм турмысында зорлыққа дус келген шахсларға аноним түрде қыстаўлы медициналық, руўхый, социаллық, педагогикалық, ҳуқықый жәрдем көрсетеди.

Бурын шаңарақтағы келиспеўшилик ямаса басқа себеп пенен үйинен шығып кетип ямаса басқа себеплер менен баспанасыз қалған ҳаяллар машқаласы шешилгенге шекем ўақтынша жасап турыўы ушын турақ жай ажыратыў машқала болып киятырған еди. Социаллық бейимлесиў мәсләҳәт орайының ашылыўы менен бул мәселе шешилди.

Орайларда ўақтынша жасаў ушын қолайлықлар жаратылған. Жатақхана, дем алыў бөлмеси керекли буйымлар менен тәмийинленген. Қала ҳәм районлардағы мәҳәллелерде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелер тастыйықланған реже кестесине муўапық, жәмийетшилик тийкарында нәўбетшилик етип келмекте. Орайларда шыпакер, юрист, психологлардың дизими ҳәм телефон номерлери болып, мүрәжат етип келген ҳаялдың мүрәжатының мазмунына қарап керекли қәниге шақырылады.

Өткен жылы 7 орында усындай орайлардың жумысы жолға қойылған еди. 2018-жылы бул орайларға ҳәр қыйлы мәселелер бойынша жәрдем сорап 144 ҳаял-қыз мүрәжат еткен.

Ал, быйыл республикамыздың Беруний, Қараөзек, Қанлыкөл, Нөкис, Тақыятас, Төрткүл, Елликқала, Кегейли, Мойнақ районларында усындай орайлар шөлкемлестирилди.

Быйылғы жылдың 6 айы даўамында усы орайларға 172 ҳаял-қыз мүрәжат еткен болса, олардың 17сине медициналық, 33 ине психологиялық ҳәм 36 сына ҳуқықый жәрдем көрсетилип, 20 ҳаял-қыздың кредит алыўына ҳәм жумысқа орналасыўына жәрдем берилген. Ерли-зайыплылар арасында келип шыққан келиспеўшиликлер ақыбетинде ажырасыў дәрежесине келип қалған 70 тен аслам шаңарақ жарастырылған.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.