Мәмлекетимиздиң өндирис тараўында бәсекиликти қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти, соның ишинде, экспортлық имканиятларымызды кеңейтиў, ишки базарларды сапалы тутыныў товарлары менен тәмийинлеўге қаратылған салыққа тартыў ҳәм бажыхана-тариф системасын тәртипке салыў бойынша көплеген жумыслар алып барылмақта.

Деген менен, экономиканың айырым секторларында исбилерменлик субъектлерине сезилерли дәрежеде жеңилликлер ҳәм преференциялардың берилгенлигин есапқа алған ҳалда қосымша қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әмелдеги тәртибинде бар теңсизликлер барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын теңликти тәмийинлеўде қосымша қун салығының толық шынжырын жаратыў ҳәм экономиканың бәсекилигин арттырыўға имканият бермей атыр.

 

– Елимизде инвестициялық тартымлылықты арттырыў, тең бәсекилик принципин енгизиўди тәмийинлеў ҳәм салық және бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериўди тәртипке салыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июнь күнги «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериўди буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5755-санлы пәрманы қабыл етилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыс топарының аға инспекторы Н.Хожанов. – Усы пәрманға муўапық, көп жыллардан берли сырт мәмлекетлерден алып келинген айырым товарлар ушын қосымша қун салығы бойынша берилген жеңилликлер 2019-жыл 1-октябрь сәнесинен баслап бийкар етилди.

Яғный олар: асбест, көмир, ағаш материаллары, ағаш ҳәм оннан таярланған буйымлар, углеводородлы шийки зат өнимлери, соя дәни, айғабағар ҳәм гүнжи туқымлары, майлы ҳәм қантлы шийки зат өнимлери, аўыл хожалығы техникалары, автотранспорт қураллары, автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын қосымша буйымлар, материаллар ҳәм әсбап-үскенелер болып табылады.

 

Бирақ, қосымша қун салығын төлеўден берилген жеңилликлер бийкар болғаны ушын исбилерменлик субъектлериниң қәрежетлери көбейеди, деген пикирди дурыс деп есапламаймыз. Себеби, елимизде жаңадан енгизилген салық концепциясы ҳәм усы тийкарда салық кодексине киргизилген өзгерислерге муўапық, импортқа алып келинген товарлардан бажыхана тәрепинен қосымша қун салығы өндирилсе, салық уйымлары тәрепинен өндирилетуғын саўда айланысынан өндирилетуғын қосымша қун салығын есаплаў ўақтында бажыхана уйымлары тәрепинен өндирилген қосымша қун салығы есапқа алынып, шегирип тасланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.