Тақыятас районы ҳәкиминиң жаслар мәселелери бойынша орынбасары Р.Негматов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тақыятас районлық бөлими баслығы Б.Палўаниязов, «Жаслар – келешегимиз» қорының районлық филиалы баслығы ҳәм хызметкерлери, сондай-ақ, жас исбилерменлер менен биргеликте райондағы 12-санлы көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң тәрбияланыўшылары ҳалынан хабар алды.

Ол жерде тәрбияланып атырған имканияты шекленген балаларға майыплық арбашалары, қызықлы ертек китаплар ҳәм жазыў дәптерлери тапсырылды.

Районда усындай ийгиликли жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги