Мәмлекетлик тест орайының рәсмий каналында хабар берилиўинше, 8-июль күни бир күнниң өзинде Өзбекстан бойлап 81 мыңнан аслам абитуриенттиң ҳүжжетлери дизимге алынған. Бул рекорд көрсеткиш болып есапланады.

15-30-июнь күнлери аралығында Өзбекстан бойлап 63 мың абитуриент жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырған еди.

Мағлыўматларға қарағанда, алдынғы оқыў жылларына қабыллаўда ең көби менен бир күнде 65 мыңға шамалас абитуриент дизимнен өткерилген екен.

Мәмлекетлик тест орайының үйрениўлерине қарағанда, күнниң биринши ярымында дизимнен өтетуғын абитуриентлердиң саны кескин артып бармақта. Күнниң екинши ярымында болса дизимнен өтиў ушын мүрәжат етип атырғанлардың саны азаятуғынлығын бақлаў мүмкин.

Абитуриентлер күнниң биринши ярымын төлем төлеўге сарпласа, екинши ярымында қысқа ўақытта дизимнен өтип атырғаны күнлик бақлаўлар нәтийжесинде мәлим болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.