Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде 8-июль күни Өзбекстан –Япония жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының  III конференциясы болып өтти.

Илажда еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары, профессор-оқытыўшылар, изертлеўшилер ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Мажидов, Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң ректоры Баҳодир Ҳодиев, Япония Парламенти Ўәкиллер палатасының депутаты, Япония билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технологиялар министриниң парламент орынбасары Хироюки Накамура ҳәм басқалар мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық, сиясий, социаллық-гуманитарлық, мәдений-ағартыўшылық тараўларында бирге ислесиў қатнасықлары барған сайын раўажланып атырғанын атап өтти. Бүгинги күнде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен   ислеп шығылған Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы шеңберинде жасларды жоқары билимлендириўге тартыўды кеңейтиў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жоқары билимлендириў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Сырт ел университетлери менен бирге ислесиўдиң кеңейтилип атырғаны бул мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли орын ийелемекте.

Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги 100 ден аслам жоқары билимлендириў мәкемелеринде жоқары қәнигеликке ийе кадрлар таярланбақта. АҚШ, Уллы Британия, Италия, Қубла Корея, Россия, Сингапур, Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлердиң жетекши университетлериниң филиаллары нәтийжели жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, қаржы институтлары, дүньяның раўажланған мәмлекетлери менен биргеликте жоқары билимлендириў бағдарында бир қатар жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде жоқары билимлендириў тараўында Япония менен бирге ислесиў кәсиплик тәлимди раўажландырыў, академиялық алмасыў, қәнигелердиң кәсиплик маманлығын ҳәм шеберлигин арттырыў сыяқлы бағдарларды өз ишине алған.

– Өзбекстан Орайлық Азия регионында озиниң географиялық жайласыўы, демографиясы менен ажыралып турады,- дейди Япония Парламенти Ўәкиллер палатасы депутаты, Япония билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технологиялар министриниң парламент орынбасары Хироюки Накамура. – Мәмлекетлеримиз арасында билимлендириў тараўындағы  бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қуўанышлы жағдай. Атап айтқанда Япония Бас министри Синдзо Абэниң 2015-жыл Өзбекстанға еткен сапары даўамында Ислам Каримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университети жанында Өзбекстан – Япония жасларының инновациялық орайы жумыс баслаған еди. Бул конференция жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўде жаңа перспективаларды ашатуғынына исенемен.

Японияның Нагоя университетиниң президенти Мацуо Сейитидиң атап өтиўинше, халқының басым көпшилиги жаслар болған Өзбекстан менен бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе. Бул конференция академиялық алмасыў, университетлераралық байланысларды кеңейтиўде жаңа имканиятлар есигин ашады.

Конференция шеңберинде академиялық ҳәм илимий бирге ислесиў, студентлер алмасыўы, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў жолындағы өз-ара сөйлесиўди беккемлеў, еки мәмлекеттиң жетекши инновациялық орайлары, технопарклери, университетлери арасындағы байланысларды және де жеделлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Назокат Усмонова

ӨзАның хабаршысы