Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 4-июль күни Мойнақ районындағы Судочье көллер системасында өрт жүзеге келди.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, арнаўлы жумысшы топар тәрепинен ўақыяны ҳәм тәбиятқа келтирилген зыянды анықлаў және өртти сапластырыў мақсетинде 5-7-июль күнлери ўақыя орнында үйрениўлер алып барылды. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Жумысшы топардың усынған жуўмақлаўшы мағлыўматларына қарағанда, өрт Судочье көллер системасының Қаратерең бөлиминде 4-июль күни саат 15:30 лар шамасында шақмақ урыўы ақыбетинде келип шыққан ҳәм самал нәтийжесинде әтираптағы қамыслықларға тарқалған.

Өрт көл ортасындағы атаўларда келип шыққанлығы себепли оны өз ўақтында көриў имканияты болмаған.

4-июль күни басланған өрт 6-июль күни саат 23:00 лер шамасында сапластырылған. Өрт ақыбетинде тәбиятқа жеткерилген зыян майданы улыўма 278 гектарды қурады. Соннан 111,2 гектарлық майдан «Мойнақ аквасанаат» МУКқа, 166,8 гектарлық майдан болса «Судочье» орнитологиялық буйыртпаханасына қараслы болып табылады.

Судочье көллер системасы улыўма 50 мың гектарлық майданды қурайды. Ўақыя жүз берген аймақ Мойнақ районы орайынан 50-70 километр, Қоңырат районы орайынан 55-60 километр қашықлықта болган.

Көллер системасына ең жақын болған, яғный 10 километр аралықтағы Қаражар аўылы турғынлары өрттен ҳеш қандай зыян көрмеген.

Соны айырықша атап өтиў керек, өрт жүз берген аймақта бурыннан жасап киятырған ҳайўанат ҳәм қуслар дүньясына зыян жетпеген. Үйрениўлер даўамында ҳайўанатлар ҳәм қуслар, атап айтқанда, аймақта көп ушырасатуғын ондатра, үйрек (бир неше түрлери), ғаз, аққус, бирқазан, қарабай, фламинго ҳәм басқалар ушыраспады. Себеби, қуслар бәҳәр айларында мәйек туўып, көбейип қалған болып, ҳәзирги ўақытта олардың палапанлары үлкейип, суўда жүзип жүретуғын дәрежеге жеткен.

 

Аўдарма: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.