UzCard «SMS-хабар» хызметине белгиленген төлем баҳасын көтермекте. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Хабарда мәлим етилиўинше, 2019-жыл 15-июльдан баслап «SMS-хабар» хызмети тәрепинен 5800 қысқа номеринен жолланатуғын («Play Mobile» ЖШЖ) ҳәр бир кириў хабарының баҳасы 84,20 сумды қурайды.

Мағлыўмат ушын, «SMS-хабар» хызметинде пластик карта ийесиниң мобиль телефонына «SMS-хабар» арқалы әмелге асырылған транзакцияларға тийисли мағлыўмат жибериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.