Жаз мәўсими өнип шыққан өнимлерди ҳәр түрли зыянкеслерден, кеселликлерден ҳәм жабайы шөплерден қорғаў мәўсими есапланады. Ҳәзирги  күнде Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының агроном-инспекторлары тәрепинен қаўын шыбынына  қарсы  гүресиў илажлары алып барылмақта.

Бул зыянкес дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде тарқалған болып, ол өнимдарлықты ҳәм өнимниң сапасын төменлетеди. Қарақалпақстан  Республикасы  шараятында  палыз егинлери майданларынан жоқары өним алыўға кери тәсир көрсететуғын зыянкес есапланған қаўын шыбынының раўажланыў биоэкологиясын есапқа алған ҳәм де оған қарсы гүресиў ең әҳмийетли машқала сыпатында қаралмақта.

– Бүгинги күнде Өзбекстан  Республикасы  Министрлер  Кабинети  жанындағы  өсимликлер  карантини мәмлекетлик  инспекциясының «Өзбекстан Республикасы аймақларында палыз  егинлерине  кери  тәсир көрсететуғын  «қаўын шыбыны»  зыянкесине  қарсы гүресиў бойынша белгиленген  «Әҳмийетли он бес күнлик» илажлары алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының бас агрономы Дәрьябай Уббиниязов. – Атап айтқанда,  республикамыздың барлық районларында агроном-инспекторлар тәрепинен қаўын шыбынына қарсы гүресиў жумыслары бойынша семинарлар өткерилип, үгит-нәсият, түсиндириў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усындай семинар Қоңырат районында да болып өтти.

Бундай  илажларды  алып  барыўдан  мақсет – Өсимликлер карантини ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Нызамының 20-статьясында көрсетилгениндей, республикамызға өсимликлер карантини объектлериниң кирип келиў қәўипиниң алдын алыў ҳәм оны шеклеўден ибарат.

– Районымыз аймағында 200 гектар қаўын атызлары болып, бул атызлардағы  зыянкеслерди  анықлаў  мақсетинде ферамон тутқышлар орнатылды,-дейди Қоңырат районы агроном-инспекторы Баҳадыр Оразалиев. – Қаўын шыбыны раўажланыўының  биоэкологиялық қәсийетлеринен бири, зыянкестиң қурты мийўе  ишинде  раўажланады  ҳәм  азықланады. Раўажланып  атырған  қурттың  азықланыўы  жуўмақланыўы  менен ол мийўе  қабығын тесип сыртқа шығады  ҳәм  10-15 минут ишинде  топырақ үстиңги бөлегинде, 3-20 см тереңликте гүбелекке айланады. Ал,  мийўе болса, жарамсыз жағдайға келип қалады.

Бул зыянкеске қарсы агротехникалық, химиялық гүрес усыллары алып барылыўы нәтийжесинде қаўын ҳәм палыз өнимлеринде ҳеш қандай зыянкеслер анықланбады.

Егерде дийқан-фермерлердиң атызларын ҳәм үй алды қыйтақ жерлерди фитосанитариялық бақлаўдан өткергенимизде қандай да бир зыянкес анықланса,  «өсимликлер клиникалары» менен биргеликте дәрилеў жумысларын алып барамыз.

– Бүгинги күнде район аймағындағы дийқан-фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң  мүрәжатлары негизинде анықланған зыянкеске химиялық усылда дәрилеў жумысларын алып бармақтамыз,-дейди Қоңырат районы өсимликлер клиникасының баслығы Зокир Алланазаров. – Қаўын шыбынына  қарсы  гүресиў  усыллары  алмаслап  егиў, зыянланған  өсимликлерди изолияциялаў, тез писер сортларды егиў, майда жас мийўелерди гүллеўден кейин изолияциялаў, өнимди жыйнап алғаннан соң өсимлик қалдықларын  жоқ етиў, зыянланған қаўынларды кеминде 75 см тереңликте топыраққа көмиў, инсектицидлерден арбофос  (фуфанон), пилигрим, энерги, пиринекс сыяқлы препаратларды  шыбын мәйек қойыўына шекем  қолланыў усыныс етиледи.

Дийқан жыл бойы жерге меҳир берип, ықлас пенен  мийнет  етип, нәтийжесинде мол  өним алыўды нийет етеди. Сонлықтан, жетистирген өнимиңиздиң сапасына қаўын шыбыны зыян келтирмесин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.