Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалында 2019-2020-оқыў жылы ушын төмендеги бакалавр тәлим бағдарлары бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабылланбақта.

 

1) 5410604 – Зооинженерия: жылқышылық ҳәм түйешилик – улыўма 25 орын, соннан 10 мәмлекетлик грант (4 өзбек, 6 қарақалпақ топары ушын), 15 төлемли контракт (7 өзбек, 8 қарақалпақ топарына) тийкарында;

2) 5410607 – Зооинженерия: балықшылық – улыўма 25 орын, соннан 10 мәмлекетлик грант (қарақалпақ топарына), 15 төлемли контракт (қарақалпақ топарына) тийкарында;

3) 5440101 – Ветеринариялық медицина: (қарамал кеселликлери) – улыўма 15 орын, соннан 7 төлемли контракт (өзбек топарына), 8 төлемли контракт (қарақалпақ топарына) тийкарында.

 

Сондай-ақ, филиалда 5440101 – Ветеринариялық медицина: (қарамал кеселликлери) тәлим бағдарына Хорезм ўәлаяты ушын өзбек топарына 3, қарақалпақ топары ушын 7 – жәми 10 мәмлекетлик грант тийкарында мақсетли қабыллаў болыўы жобаластырылған.

 

Филиал Нөкис қаласы,  Қарақалпақстан көшеси 24-жайда (бурынғы Нөкис спорт колледжиниң 2-этажы) жайласқан. Ҳүжжетлер усы жердиң өзинде қабыл етилмекте.

Қосымша сораўлар менен филиалдың Call-орайына мүрәжат етсеңиз болады:

+998 61 224-10-96, +998 61 224-17-73, +998 90 576-05-31, +998 90 650-24-12.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.