Кеше социаллық тармақларда Судочье көлинде өрт жүзеге келгени ҳаққындағы фото ҳәм видеолар пайда болды.

Мәлим болыўынша, Қарақалпақстанның арқа-батыс тәрепинде жайласқан усы көлде өрттиң жүзеге келиўине тәбийғый апатшылық себепши болған. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Е.Қанаатов хабар берди.

Судочье көлине ийелик етиўши «Мойнақ аква санаат» МУК рәсмийлериниң хабар бериўинше, өрт көлдиң суўсыз ямаса сайыз жерлериндеги қамыслықларда жүзеге келген. Өрт 4-июль күни шақмақ урыўынан соң басланған ҳәм ертеңине кешке шекем даўам еткен. Өрт самалдың күш менен күшейип, көлеми кеңейип барған.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм тәбиятты қорғаў комитети баслығы Т.Хожаназаровтың мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Судочье көлине өрттиң тәбиятқа келтирген зыянын анықлаў ушын топар жиберилген.

Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги аға инженери, лейтенант Айбек Абдирахмановтың бизге хабар бериўинше, өрт жүз берген орын Мойнақ районындағы өрт қәўипсизлиги бөлимшесинен 90-100 километр аралығындағы қашықлықта болған ҳәм өрт көлдиң ортасындағы атаўларда жүз берген.

Ўақыя жүз берген орыннан 50 километр радиуста халық жасайтуғын орынлар болмаған. Сол себепли өрт ҳаққында кеш хабар берилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги