Шавкат Мирзиёев Өзбекстан ҳәм «Gazprom EP International B.V.» арасында өнимлердиң бөлистирилиўине байланыслы келисимге қол қойғаны ҳаққында хабар берген едик.

Мағлыўматларға қарағанда, 2006-2009-жыллары Үстирт аймағында геологиялық-излеў жумыслары алып барылып, «Газпром» ААЖның 371 миллион АҚШ доллары муғдарындағы тиккелей инвестициялары өзлестирилген.

Россия компаниясы Үстирт аймағындағы Шахпахта инвестициялық блогында әмелге асырылған излеў ҳәм разведкалаў жумыслары нәтийжесинде санаат категориясындағы улыўма тәбийғый газ резерви 6,4 миллиард метр куб ҳәм газ конденсатының резерви 76 мың тоннаға тең жаңа Жел кәнин ашты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.