Ҳаял-қызлар комитетинде ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлылығы ҳәм имканиятлары кепилликлерин тәмийинлеўге қаратылған Өзбекстан Республикасы нызамы жойбарын додалаўға бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды, шаңарақты, аналықты ҳәм балалықты қәстерлеп сақлаў, жәмийетте ҳаял-қызлардың абырайын және де жоқарылатыў, турмыс абаданлығын арттырыў, мүнәсип мийнет, турмыс шараятларын жаратыў ушын зәрүр мүмкиншиликлер ҳәм имканиятлар жаратылмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде елимизде «Шахс-Шаңарақ-Жәмийет-Мәмлекет» деген түсиник ҳәм қәдириятлар шешиўши орын ийелейтуғыны, жәмийеттиң дәслепки және тийкарғы буўыны болған шаңарақты болса қәдирдан ҳаял-қызларсыз ҳеш қашан көз алдыға келтирип болмаслығы, ҳаял-қызға болған ҳүрмет-итибар-бул, бәринен бурын, шаңараққа, жәмийет келешегине болған ҳүрмет-итибардың көриниси екени және бир мәрте өзиниң айқын көринисин тапты.

Шынында да, бүгинги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта. Елимизде ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Ҳаял-қызлардың үлеси денсаўлықты сақлаў, социаллық хызметлер, илим, тәлим-тәрбия, мәденият, көркем өнер, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда салмақлы орынға ийе. Мәмлекетимиз бойынша усы жылдың май айында пуқараралар жыйынлары баслығы ушын өткерилген сайлаўларда үлкен турмыслық тәжирийбесине ийе ҳаял-қызларымыздың белгили бир бөлеги өзин-өзи басқарыў уйымларының баслығы лаўазымына сайланды.

Илажда Ташкент мәмлекетлик юридикак университетиниң ҳаял-қыз оқытыўшылары, ҳуқықтаныўшылар, илимпазлар, экспертлер нызам жойбарын жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситханова шығып сөйледи.

Н.УСМАНОВА,

ӨзА ның хабаршысы