Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар елимиздиң жәмийетлик-сиясий, руўхый-ағартыўшылық турмысына байланыслы бир қатар нызам жойбарларын додалады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан – мәдений мийрас объектлерине, тарийхый баҳасы жоқары имаратлар ҳәм жерлерге бай мәмлекет. Неше мың жыллық өтмишимизди өзинде жәмлеген әййемги естеликлерди қәстерлеп сақлаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыпаларынан бирине айланбақта.

Мәжилис күн тәртибине киргизилген мәселелерден бири де тиккелей, мине, усыған байланыслы болды. Яғный, депутатлар материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, айрықша қорғалатуғын тарийхый-мәдений аймақларда, тарийхый-мәдений баҳасына бола Улыўма жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген орынларда, олардың қорғалатуғын аймақларында материаллық мәдений мийрас объекти есапланбаған имарат ҳәм басқа да объектлерди рухсатнама алмастан көриў ямаса бузыў бойынша жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда додалады.

Жойбар материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў және мәмлекетлик қорғаўға алынған материаллық мәдений мийрас объектлерин жоқ етиў, бузыў ямаса оларға зыян келтириў бойынша жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутады.

Соның менен бирге, бул нызам жойбары материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды гөзлеген шағымлар ҳәм берилген арзалар бойынша Мәдений мийрас департаменти, оның аймақлық басқармаларының лаўазымлы шахслары тәрепинен административлик ҳуқықбузарлық  ҳаққында билдириў дүзиў ҳәм нызамда белгиленген тәртипте судқа жибериў усыныс етилмекте.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул жойбардың қабыл етилиўи Өзбекстанның туристлик тараўындағы әҳмийетли роль атқаратуғын мәдений мийрас объектлери, тарийхый қалалар ҳәм жерлерди исенимли қорғаўды күшейтеди.

Сондай-ақ, мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының «Бәркамал әўлад» балалар орайларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «Улыўма билим бериў мектеплеринде медициналық хызмет көрсетиў жағдайын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы парламентлик сораўларына Бас министрдиң орынбасары А.Абдуҳакимовтың жуўабы ҳаққындағы мәселелер де көрип шығылды.

Усы парламентлик сораўларда жас әўладтың тәрбиясы, саламатлығын сақлаў бойынша әҳмийетли мәселелер көтерилген еди. Атап айтқанда, «Бәркамал әўлад» балалар орайларының жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенлигин атап өткен ҳалда, олардың жумысын муўапықластырыў бойынша нәтийжели система жаратыў, заманагөй инновациялық дөгереклерди қурыў, педагог хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын күшейтиў, орайлардың ремонт талап етилетуғын имаратларын оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, юридикалық статусын буннан былай да күшейтиў мәселелерине Ҳүкиметтиң итибары қаратылғанын атап өтиў керек.

Усы парламентлик сораўға Бас министрдиң орынбасары тәрепинен берилген жуўапта ҳәзирги ўақытта орайларды үскенелеў нормалары ислеп шығылып атырғаны, сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў, заман талаплары тийкарында жаңа инновациялық дөгереклерди шөлкемлестириў, педагог хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысын басқышпа-басқыш арттырыў, орайлардың негизинде дөретиўши балалар мектеплерин шөлкемлестириў жумысларын системалы жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мектептен тысқары билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары жойбары ислеп шығылғаны ҳәм тийисли додалаўлардан өткерилип атырғаны мәлим етилген.

Билимлендириў мәкемелеринде медицина хызметкерлери жумысының нәтийжели шөлкемлестирилиўи жас өспиримлер арасында кеселликлерди ерте анықлаў, профилактика етиўде оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Соннан келип шығып, екинши парламентлик сораўда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен орынларға шыққан ҳалда өткерилип атырған үйрениўлер даўамында улыўма билим бериў мектеплеринде медициналық хызмет көрсетиў талап дәрежесинде шөлкемлестирилмей атырғаны атап өтилген еди. Атап айтқанда, билим бериў мәкемелерине хызмет көрсететуғын шыпакер ҳәм орта медицина хызметкери, яғный мектеп мийирбийкеси штаты тастыйықланған нормативлерге салыстырғанда аз ажыратылғаны ямаса айырым улыўма билим бериў мәкемелеринде улыўма штат бирликлери ажыратылмаған жағдайлары бар. Сондай-ақ, тастыйықланған штат нормативлерде улыўма билим бериў мектеплерине хызмет көрсететуғын врач лаўазымларының түрлери, медицина хызметкерлери ушын штат бирликлери районлардағы мектеплер ҳәм қаладағы мектеплер ушын ҳәр қыйлы муғдарларда белгиленгени көрсетип өтилген еди.

Бас министрдиң орынбасары жоллаған жуўапта улыўма билим бериў мектеплеринде шыпакер педиатр ҳәм мийирбийке штатлары ажыратылыўында бар айырмашылықты, айырым мектеплерде улыўма ажыратылмаған жағдайларды сапластырыў мақсетинде әмелде болған ўақтыншалық штат бирликлериниң нормалары, улыўма билим бериў мектеплеринде қәнигели медициналық хызмет көрсетиў ҳәм бирден-бир көзқарасты енгизиў көзқарасынан қайта көрип шығылып атырғаны мәлим етилген. Бул мәселе Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде денсаўлықты сақлаў системасына ажыратылған қаржылар шеңберинде көрип шығылып, шешилиўи атап өтилген.

Депутатлар мәмлекетимизде жас әўладтың тәлим-тәрбиясы, саламатлығын сақлаўға байланыслы әҳмийетли мәселе бойынша көтерилген усы парламентлик сораўларға Ҳүкимет айрықша итибар қаратқанын, бул бойынша зәрүр әмелий илажларды көриўге кирискенин унамлы баҳалады.

Мәжилисте парламенттиң төменги палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

 

ӨзА