Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң берген мағлыўматларына қарағанда, 2019/2020-оқыў жылы ушын қабыллаўда абитуриентлер ушын бир қатар жеңилликлер ҳәм қолайлықлар жаратылмақта.

Соның ишинде жаңа оқыў жылында Жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў квоталары дерлик 20 процентке көбейтилип, 120 мыңнан зыят абитуриент оқыўға қабыл етиледи.

Раўажланып атырған тараўлар ушын зәрүрли болған ҳәм жумыс бериўшилердиң талапларынан келип шығып, жаңа билим бериў бағдарлары ҳәм қәнигеликлерине қабыллаў әмелге асырылмақта.

ӨзА