Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы 2019/2020-оқыў жылы ушын сыртқы тәлим бойынша төлемли контракт тийкарында ҳүжжетлерди қабыл етиўди баслады, деп хабар бермекте усы филиалдың Баспасөз хызмети.

Қабыллаў квоталары төмендегише:

1.Компьютер инжиниринг (ИТ-сервис)-жәми 50 орын, өзбек топары 25, қарақалпақ топары 25

  1. Телекоммуникация технологиялары (Телекоммуникация)-жәми 25 орын, өзбек топары 10, қарақалпақ топары 15

Сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметти тамамлаған, жеңилликке ийе абитуриентлерге квотадан тысқары 5 орын төлемли контракт тийкарында ажыратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги