Ноябрьден баслап Австриядағы бар ҳәм ресторанларда шегиў қадаған етиледи. Мәмлекет миллий кеңесиниң көпшилик ағзалары усы нызамды қоллап-қуўатлаған ҳалда даўыс берди, деп мағлыўмат тарқатқан «Heute» газетасы.

Усы сәнеден баслап азық-аўқат өнимлерин ислеп шығаратуғын, пайдаланатуғын, әсиресе, балалар ҳәм жаслар болыўы мүмкин болған барлық мәкемелерде шегиў қадаған етиледи.

Еслетип өтемиз, өткен жылы Австрияда автомобиль айдаўшылары балалардың жанында шегиўин қадаған ететуғын нызам шыққан еди.

ӨзА