Ҳуқықтаныўшы-блогер усы мазмундағы сораўға өз каналында жуўап берди.

Абитуриентлер қабыллаў процеси жуўмақланғанға шекем өзлери ҳүжжет тапсырған (дизимнен өткен) жоқары оқыў орынларын өзгертиўге ҳақылы. Буның ушын дизимнен өткен жерге барып, қабыллаў комиссиясы ўәкиллерине мүрәжат етиў керек. Сонда олар базадан сизиң жаңа арзаңызды дизимнен өткерип, алдынғысын жаңалап (ямаса өширип) береди. Тек ғана буны тастыйықлаўшы бланканы алыўды умытпаң. Абитуриент қәлесе жоқары оқыў орынларының биреўи, қәлесе екеўин ямаса барлығын өзгертиўи де мүмкин, деп жазады блогер.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.