Арзан турақ жайларды кимлер алыўы мүмкин, деген сораў бүгинги күнде көпшиликти қызықтыратуғынлығы анық. Сол себепли бул ҳаққында және бир мәрте кеңирек мағлыўмат бериўди зәрүр көрдик.

Квартиралар физикалық шахсларға бериледи, онда төмендегилер үстинлик дәрежесине ийе болады:

жас шаңарақлар;

гөнерген турақ жайларда жасап атырғанлар;

республика қалаларында жасайтуғын, турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәжлиги болған пуқаралардың басқа категориялары.

Арзан турақ жайлардағы квартиралар физикалық шахсларға район ҳәкимликлеринде дузилген аймақлық комиссия тәрепинен бириктириледи.

 

Квартираны бириктириўде аймақлық

комиссия нелерди есапқа алады?

 

Квартираны бириктириўде аймақлық комиссия төмендеги нормаларды есапқа алады:

өз турақ жайының жоқлығы ҳәм ижара, бийпул пайдаланыў шәртлери менен ямаса гөнерген турақ жайларда жасап атырғанлығы;

Бир турақ жайда (квартирада) басқа шаңарақ ямаса басқа шаңарақлар менен бирге жасаў;

көп балалы шаңарақ;

ана (әке)ның толық болмаған шаңарақта баланы тәрбиялаўы;

арза бериўшиниң шаңарақ ағзалары арасында жуқпалы кеселликтиң аўыр түрлеринен азап шегиўши айрықша бөлмеде жасаўға мүтәжлиги болған шахслардың бар екенлиги;

шаңарақ ағзалары арасында биринши топар майыбының  бар екенлиги;

турақ-жай майданының нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған турақ жай майданының социаллық нормасына муўапық емес екенлиги.

таяныш докторантураның 2-курсынан баслап, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтында билим алып атырған докторантлар.

 

Квартира сатып алыў ушын аймақлық комиссияға

 қандай ҳүжжетлерди тапсырыў керек?

 

қарыз алыўшының (биргеликте қарыз алыўшылардың) финанслық жағдайын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер;

турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәжлиги болған физикалық шахстың жоқарыдағы талапларға муўапықлылығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер.

 

Арзаларды көрип шығыў тәртиби?

 

Аймақлық комиссия турақ жай шараятларын жақсылаўға берилген арзаларды ҳәптеде кеминде бир мәрте көрип шығады.

Арзаны тийисли дизимнен өткермей турып көрип шығыў қадаған етиледи.

Аймақлық комиссия арзаларды олардың келип түсиўине қарап ҳәм журналдан дизимнен өткериў гезегине бола көрип шығыўы шәрт.

Комиссия квартираны бириктириў ямаса бийкар етиўдиң анық ҳәм тийкарланған себеплери көрсетилген ҳалда баянлама қарарын қабыл етеди.

 

Аймақлық комиссия ҳәр жылы:

 

1-февральға шекем барлық квартираларды бириктириўди жуўмақлайды;

1-апрельге шекем келеси жылы қурылатуғын квартираларға потенциал қарыз алыўшылардың толық дизимин ҳәм баянлама қарарын банкке усынады.

 

Дәслепки төлем муғдары қанша?

 

Физикалық шахслар дәслепки төлем қаржыларын өзлерине квартира бириктирилгеннен кейин 60 календарь күнинен кешикпей өз алдына қордың депозит есап бетине төлейди.

Көрсетип өтилген мүддетлерде квартира қунының орташа 15 проценти муғдарындағы дәслепки төлем төленбеген жағдайда аймақлық комиссияның квартираны усы шахсқа бириктириў ҳаққындағы баянлама қарары өз күшин жойытқан деп есапланады.

 

Арзан турақ жай алыў ушын физикалық шахсларға

ипотека кредитин бериў тәртиби қандай?

 

Ипотека кредитлери физикалық шахсларға турақ жай пайдаланыўға тапсырылғаннан кейин бериледи.

Ипотека кредитиниң муғдары кредит ресурсларының дәрегине қарамастан, квартира қунының көби менен 75 процентин қурайды.

Кредит қанша мүддетке бериледи?

 

20 жыл мүддетке, таяныш докторантураның 2-курсынан баслап, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтында билим алып атырған докторантлар ушын 25 жыл мүддетке, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен, дәслепки  жыл даўамында жыллық 7 процент ҳәм кейинги дәўирде қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында бериледи.

Кредитти алыў ушын банкке

қандай ҳүжжетлер керек?

 

квартираны сатып алып атырған физикалық шахс турақ жай пайдаланыўға тапсырылғаннан кейин банк филиалына:

арза;

қарыз алыўшының (биргеликте қарыз алыўшы)ның паспорты;

қарыз алыўшының (биргеликте қарыз алыўшы)ның финанслық жағдайын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер.

 

Қарыз алыўшының финанслық жағдайын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерге нелер киреди?

 

турақлы жумыс орнына ийе болған пуқаралар ушын-жумыс бериўшиден белгиленген форма бойынша ақырғы 12 айдағы дәраматлары ҳаққындағы мағлыўматнама;

турақлы жумыс орнына ийе болмаған пуқаралар ушын-олар жасайтуғын аймақ бойынша салық уйымы тәрепинен тастыйықланған ақырғы 12 айдағы дәраматлары ҳаққындағы декларациялардың нусқалары.

Дерек: «Ҳуқуқий ахборот» каналы

ӨзА