Саяхатшы Соҳиб Ражабов пүткил Өзбекстан бойлап саяхат етиў ушын жолға шықты.

Ол Әндижан ўәлаятының ең шетки аймағы есапланған Хонободтан Қарақалпақстанның Мойнақ районына шекемги болған 2200 километрлик аралықты пияда басып өтиўди нийетлеген. Буның ушын оған 80 күн ўақыт керек болады.

– Өзбекстан дүньяға жүз тутпақта. Сырт еллилердиң де елимизге деген қызығыўшылықлары артып бармақта. Олардың тамашалаўы, зыярат етиўи, дем алыўы мүмкин болған жерлери оғада көп. Тәбиятымыз, миллий дәстүрлеримиз, архитектурамыз бийтәкирар. Буны сырт елли туристлерге көрсетиўимиз керек. Не ушын пияда жүриўиме тоқталсақ, мен республикамыз туристлер ушын ең қәўипсиз, қәўетерсиз, қызықлы ҳәм мазмунлы орын екенлигин әмелде дәлиллемекшимен, – дейди С.Ражабов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.