Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2019-2020-оқыў жылы ушын бакалавр бағдарлары ушын улыўма 1840 орын, соннан 450 мәмлекетлик грант, 1390 төлемли шәртнама тийкарында оқыў ушын орынлар ажыратылған. Институтта абитуриентлерден улыўма 28 тәлим бағдарына ҳүжжетлер қабылланбақта.

Солардан быйылғы жылы шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў, өзге тилли топарларда өзбек тили ҳәм мектеп менеджменти бакалавр тәлим бағдарлары жаңадан ашылды.

Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў бағдарына улыўма 25 студент (қарақалпақ тили топарына) қабыл етилиўи белгиленген болып, соннан 10 мәмлекетлик грант, 15 төлемли контракт тийкарында студентликке қабыл етиледи.

Өзге тилли топарларда өзбек тили бағдарына улыўма 50 студент қабылланады ҳәм соннан 10 мәмлекетлик грант, 40 төлемли шәртнама тийкарында қабыл етиледи.

Мектеп менеджменти бағдарына 50 студент қабылланыўы жобаластырылған болып, соннан 10 мәмлекетлик грант (5 қарақалпақ, 5 өзбек тили топарына) тийкарында, 40 төлемли шәртнама (25 қарақалпақ, 15 өзбек тили топарына) тийкарында студентлер қабыл етиледи.

Бакалавр (күндизги) бағдарлары бойынша ҳүжжетлер усы жылдың 15-июнь күнинен баслап институттың өзинде қабыллап басланған болса, бул процесс июль айының 15-сәнесине шекем даўам етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.