Нөкис гарнизонындағы мобилизациялық шақырыў резерви батальонында жаңадан реконструкцияланған асхана комплекси пайдаланыўға тапсырылды.

Қорғаныў министрлигиниң буйыртпасы тийкарында реконструкцияланған кең ҳәм шырайлы залға ийе, заманагөй үскенелер менен тәмийинленген 500 ден аслам орынға арналған асхананың ремонты ушын улыўма 6 миллиард сум қаржы жумсалды.

Сондай-ақ, асханада Президент басламасы менен Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимде ишки ислер хызметкерлери ушын шөлкемлестирилген қәнигелестирилген оқыў курсы тыңлаўшылары ушын 50 орынлық айырықша аўқатланыў залы да бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги