Өзбекстан Миллий баспасөз орайында Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының жуўапкерлери 2019/2020-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша өткерилетуғын тест сынақларына таярлық көриў процеси ҳаққында журналистлерге мағлыўмат берди.

Онда айтылыўынша, быйылғы тест тапсырмаларын қәлиплестириў ушын улыўма билим бериў пәнлери бойынша 140 тан аслам экспертлер топары дүзилген. Олар 180 мыңнан аслам тест тапсырмаларын қәлиплестиреди. Бул тапсырмалардың өзбек, рус ҳәм қарақалпақ тиллеринде бир түрде болыўы тәмийинленеди.

Быйыл үлги тест тапсырмалары 1500 ден аслам абитуриенттиң қатнасыўында апробациядан өткерилди, исенимлилиги, қурамалы дәрежесиниң дурыс сайланғанлығы үйренилди, 74 мыңнан аслам тест тапсырмасы статистикалық жақтан талланды. Қәте-кемшиликлер дүзетилди, айырымларына өзгерислер киргизилди.

Мәмлекетлик тест орайының қәнигелери быйылғы тест тапсырмалары базасын қәлиплестириўде Түркия, Қубла Корея, Россия, Япония сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбелери үйренилгенин айтты. Жаңалық сыпатында тест тапсырмаларында график, жазыўсыз карта, сүўретлер қолланылып атырғаны атап өтилди.

Атап өтилиўинше, жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде жаңа оқыў жылынан баслап Мәмлекетлик тест орайында бар тест тапсырмалар базасын жәмийетшилик ушын ашып қойыў режелестирилмекте.

Бүгинги күнде тест сынақларын өткериў ушын мәмлекетимиз бойынша 69 имарат танланған. Олардың ең үлкени 1710, ең кишиси 240 орынлық болып есапланады. Бул имаратларда бир күнде 2 сменада 1 мың  277 топарда жәми 38 мың 310 абитуриент тест тапсырыўы мөлшерленген. Тест сынақларының әдил өтиўин тәмийинлеў мақсетинде бир күнде 2 мың 554 қадағалаўшы тартылыўы белгиленген.

– Быйыл абитуриентлерден алынған бармақ изи арқалы тест сынақларына басқалардың кириўи сыяқлы нызам бузылыўлары сапластырылады. Нәтийжеде өзиниң билимине исенип имтихан тапсырып атырған жаслардың имканияты және де кеңейеди, – деди Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасы баслығының орынбасары Қаҳрамон Ҳақбердиев.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте имаратлар ушын 1 мың 155 тен аслам видеобақлаў камералары, 120 мобиль байланысларын тосыўшы қурылма, бармақ изи тийкарында таныў қураллары таярланбақта.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА, ӨзА