Усы жыл 15-ноябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы болып өтти. Оған Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм республика ҳүкиметиниң ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер менен ведомстволардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы турмысымызда әҳмийетли орын ийелемекте.

Соның менен бирге, пуқаралардың ҳуқықларын исенимли қорғаў бағдарында алып барылып атырған реформалар халқымыздың нызамлы мәплерин тәмийинлеўге беккем тийкар болмақта. Сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен профилактика инспекторларының заманагөй хызмет үйлери ҳәм жеңилликли банк кредитлери тийкарында сатып алынған жаңа автомашиналар менен тәмийинлениўи ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде айрықша орын тутпақта. Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта судьялық лаўазымына биринши мәрте тайынлаўға усынылып атырған талабанларды кең жәмийетшиликке таныстырыў ҳәм олардың келисимин алыў механизми енгизилмекте.

Быйылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда Прокуратура органлары тәрепинен алып барылып атырған жумыслар коррупцияға ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў, исбилерменлердиң, сондай-ақ, жас өспиримлердиң ҳуқық және мәплерин қорғаў, пуқаралардың мүрәжатларын қарап шығыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге хызмет етпекте.

Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанында Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилиўи суд ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң орынланыўында әҳмийетли орын тутпақта. Өткен қысқа ўақыт ишинде 1 триллион 277 миллиард сумлық қарыздарлықтың 745 миллиард 338 миллион сумы, яғный 60 проценти өндирилди.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ҳаққындағы мәселе көрип шығылды ҳәм усы лаўазымда ислеп келген Эркабай Таджиевтиң басқа жумысқа өтиўине байланыслы оны Республика Прокуроры лаўазымынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына бурын Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасының бөлим баслығы лаўазымында ислеп келген Рахматов Рашид Насруллоевич тайынланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Республика Прокуроры Р.Рахматов шығып сөйлеп, депутатлар тәрепинен билдирилип атырған исеними ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бундай жуўапкерли ўазыйпаны атқарыўда өзиниң күш жигерин, билимин ҳәм тәжирийбесин жумсайтуғынын атап өтти.

Бул бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Х.Халимов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураний» қорының баслығы Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, жаңадан тайынланған республика Прокурорының елимиздиң тынышлығын, халқымыздың ҳуқық және мәплерин қорғаўдай жуўапкерли хызметти атқарыўда табыслар тиледи.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сессияның жумысына Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының директоры Б.Қудратходжаев қатнасты

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.