Усы жыл 28-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған грант таңлаўларының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы, Парламент комиссиясының ағзасы Б.Матмуратов шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни демократиялық өзгерислерди әмелге асырыў, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар алып барылмақта.  Бул өз гезегинде оларға айтарлықтай жеңилликлер жаратып бермекте.

Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен жәрияланған быйылғы жылғы биринши таңлаўда Шымбай районындағы «Қаракөл» мәкан пуқаралар жыйынының, «Исеним» мәлимлеме-мәнаўий ресурс орайының, Қарақалпақстан дәстүрий каратэ-до федерациясының, Әмиўдәрья телевидениеси редакциясының, акдемик Ч.Абдиров атындағы илимий-мәдений қайырқомлық «Мерўерт» жәмийетлик фондының грант жойбарлары таңлаў жеңимпазы болып, оларға 150 миллион сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ,  Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонды тәрепинен 2019-жылы  МКШ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары арасында үлкен социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў бойынша жәрияланған таңлаўда «Экосан» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан аймақлық шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасында халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, жас аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге толық перинатал жәрдем көрсетиў ушын интенсив терапия көрсетиў инкубаторын ҳәм дем алыўын нормалластыратуғын  медицина аппаратларын орнатыў бойынша мәмлекетлик социаллық буйыртпасы  жеңимпаз деп табылды.

Илажда грант таңлаўы жеңимпазларына сертификатлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

-Бизиң «Талантларды излеймиз» темасындағы жойбарымыз жеңимпаз болып, фонд тәрепинен қаржыландырылмақта,-дейди Ч.Абдиров атындағы илимий-мәдений қайырқомлық «Мерўерт» жәмийетлик фондының баслығы Ҳүрлихан Абдижаббарова.-Мақсетимиз, Нөкис қаласында профилактикалық есапта туратуғын жасларды дурыс жолға қайтарыў, олардың талантларын жүзеге шығарыў  арқалы жәмийетшиликтиң оларға деген көзқарасын өзгертиў болып табылады.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес жанындағы социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясы тәрепинен быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында исленген жумыслар, алда турған ўазыйпалар, Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған «Руўхый жақтан жетик ҳәм жоқары билимли жас әўладты тәрбиялаўда социаллық шерикликти күшейтиў», «Саламат турмыс тәризин орнатыўда пуқаралық жәмийети институтларының белсендилигин арттырыў» темасындағы екинши ҳәм үшинши Мәмлекетлик грант таңлаўларына республикамыздағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының, ғалаба хабар қуралларының белсене қатнасыўын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Э.Дурдиев қатнасты.Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.