Тастыйықланған мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Нөкис қаласындағы Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам оқыў орны директоры Шамсуддин Баҳауддиновқа Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры ҳүрметли атағы берилди.

Мағлыўмат ушын, Шамсуддин Баҳауддиновтың авторлығында «Кәмил инсан», «Саламат ана ҳәм бала – жәмийет гиреўи», «Ораза пазыйлети», «Намаз оқыў қағыйдалары», «Марҳумларға азар бермейик» (Диний орталықты саламатластырыў, муқаддес ислам динин сап ҳалда халқымызға жеткериў), «Қурбанлық китабы», «Сарф сабақлығы», «Шамаили Муҳаммадия» (дүнья жүзи халқына ибрат болатуғын ең пәк ҳәм гөззал қәсийетлер ийеси Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўассалламның сыпатлары); «Ибадати Исламия» (Дин ҳәм шәрият, итиқад, әмел мәселелери); «Ислам мәрипаты: негиз ҳәм түсиник» (Ислам дининиң бүгинги тарийхы, турмысымызда тутқан орны ҳәм әҳмийети), «Ислам динине улыўма тәрийп» («Ислам дининиң мазмун-мәнисин түсиндириўши),  «Ҳаж ҳәм умра қолланбасы» (Ҳаж ҳәм умра ибадатына тийисли мәселелер), «ИШИМ (Ирақ, шам ислам мәмлекети) фитнасы», «Интернетке ин қурған өрмекшилер» (Социаллық тармақлардан қорғаныўдың әҳмийети) ҳәм тағы басқада китаплар баспадан шығарылып, халқымызға инам етилген.

Сондай-ақ, «Қураны кәрийм мәнилериниң қарақалпақ тилинде аўдарма ҳәм тәфсири» китабының жарық көриўинде Шамсуддин Баҳауддинов белсендилик көрсеткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.