Быйылғы жылы өткерилетуғын тест сынақларында бақлаўшы педагог хызметкерлерге бир күнлик мийнети ушын 200 мың сум муғдарында ҳақы төленеди. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы басқарма баслығы Д.Қўчқоров Миллий баспасөз орайында өткерилген брифингде мәлим еткен.

– Өткен жылы бақлаўшылардың бир смена ушын қолына алатуғын пулы 49 мыңнан көбирек еди. Яғный бақлаўшы бир күн ислеп, бир күн дем алатуғын еди. Солай етип, күнине 100 мың сумға шамалас пул алған. Быйылғы оқыў жылында бақлаўшылар бир күнлик хызмети ушын қолына 200 мың сум алыўы жобаластырылмақта, – деп айтып өткен басқарма баслығы.

Атап өтилиўинше, быйылғы жылдағы тест сынақларына улыўма 6 мың 200 топар бақлаўшыларын тартыў жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.