USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ЖАСЛАРЫНА БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Қәдирли перзентлерим!

Сиз, әзиз ул-қызларымды, сизлердиң тимсалыңызда пүткил халқымызды елимизде кеңнен белгиленип атырған Жаслар күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Усы қутлы әййямда бәршемиз жаслық инсан өмириниң қандай гөззал ҳәм әжайып пасылы, үлкен арзу-нийетлер, шексиз имканиятлар дәўири екенлигин және де терең сезинип, сиз, нәўқыран перзентлеримизге ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Өткен қысқа дәўирде жәмийетимиз турмысында беккем орын ийелеген бул байрам мәмлекетимиз, халқымыз өз перзентлериниң бахты ҳәм камалы ушын ҳеш нәрсени аямайтуғынлығын, мәмлекетимиз жаслары да Ўатанымыздың раўажланыўы ушын хызмет етиўди өз өмириниң мазмуны деп билетуғынлығын айқын сәўлелендирмекте.

Шынында да, жаслардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў елимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, барқулла дыққат итибарымыз орайында болып келмекте. Кейинги еки жылда усы тараўға байланыслы 3 нызам, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметиниң онлаған пәрманлары, қарар ҳәм бийликлериниң қабыл етилгенлиги және усы тийкарда үлкен жумыслардың әмелге асырылғанлығы да буны айқын дәлиллейди.

Соның ишинде, Өзбекстан  Республикасы Бас министри, аймақларда болса ҳәкимлердиң басшылығында Жаслар мәселелери бойынша уйымлараралық кеңеслер, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Жаслар мәселелери бойынша комиссия ҳәм «Жаслар клубы» жумыс баслады.

Жигит-қызларымыздың бизнес жойбарлары ушын «Жаслар – келешегимиз» қоры тәрепинен бүгинги күнге шекем 692 миллиард 400 миллион сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, 25 мыңға шамалас жаңа жумыс орынларының жаратылғанлығы, республикамыз бойынша 125 «Жаслар мийнет гүзары», 19 «Жас исбилерменлер» коворкинг орайының пайдаланыўға тапсырылғаны айрықша итибарға ылайық.

Елимизде шөлкемлестирилип атырған жаңадан-жаңа мектеплер, жоқары оқыў орынлары, абырайлы сырт ел университетлериниң филиаллары, мәденият ҳәм спорт объектлери, «Темурбеклер мектеби», «Президент мектеплери», «Дөретиўшилик мектеплери» деп аталған пүткиллей жаңа үлгидеги билимлендириў орынлары бүгинги глобалласыў шараятында бәсекиге шыдамлы болған жетик кадрлардың жаңа әўладын тәрбиялаўға хызмет етпекте.

Кейинги ўақытларда улыўмахалықлық ҳәрекетке айланып баратырған бес унамлы басламаның мазмуны ҳәм әҳмийетин жасларымыз терең түсинип, оны әмелге асырыўда белсендилик пенен қатнасып атырғанын биз, әлбетте, жоқары баҳалаймыз. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен бирге, «Жаслар китапханасы» дүркиминдеги 470 мың көркем әдебият республикамыздағы барлық мектеплер және Жаслар аўқамының жергиликли кеңеслерине бийпул тарқатылғанлығы айрықша әҳмийетли.

Жас әўладтың спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар да бүгин өзиниң әмелий нәтийжесин бермекте. Буны жас спортшыларымыздың халықаралық жарысларда табыслы қатнасып, 520  алтын, 544 гүмис, 588 бронза медалына ерискенинде  көриўге болады.

Күш жигерге толы, жас жигит-қызларымыздың өз тараўында, жәмийетлик жумысларда ерисип атырған жетискенликлерин мүнәсип хошаметлеўге мәмлекетимиз тәрепинен үлкен итибар берилмекте.

Мысалы, өткен жылы, әне, усындай жүзлеген ўатансүйгиш, пидайы жасларымыз «Дослық» ордени ҳәм «Шуҳрат» медалы, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы, «Келажак бунёдкори» медалы, «Өзбекстан белгиси» көкирек белгиси, Өзбекстан жаслар аўқамының сыйлығы менен сыйлықланды. Және 28 азамат жигитимиз жаңадан енгизилген «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығына мүнәсип көрилди. Бүгин олардың қатарына және бир топар белсенди жасларымыздың қосылып атырғаны бәршемизди қуўандырады.

Әзиз перзентлерим!

Жасларымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, әсиресе, олардың дерлик 50 процентин қурайтуғын қыз балаларды турмысқа таярлаў, жәмлеспеген жаслар менен ислесиў, шаңарақтағы ажырасыўлар, өспиримлер арасындағы жынатшылық жағдайларының алдын алыў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Усы жылдың өткен дәўиринде жаслардың жынаятшылығы 2018-жылға салыстырғанда 37 процентке азайғаны, адасып надурыс жолға кирген, өз қылмысынан шын кеўилден пушайман болған 599 шахс Жаслар аўқамының кепиллиги тийкарында суд залынан азат етилип, оларға жеңил жаза түрлери тайынланғаны жәмийетимизде кеширимлилик, мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара исеним орталығын күшейтиў жолындағы жаңа қәдем болды.

Биз жаслардың мәмлекетимиз турмысындағы демократиялық процеслерде белсендилик пенен қатнасыўына, олардың сиясий ҳәм социаллық потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратыўымыз керек.

Бул бағдарда өз қатарына 7 миллион 680 мың ағзаны бирлестирген Жаслар аўқамы тәрепинен орынларда алып барылып атырған жумысларды көрсеткен ҳалда, оларды және де күшейтиў зәрүрлигин атап өтиў керек. Әсиресе, быйыл мәмлекетимиз парламенти ҳәм жергиликли кеңеслерге болатуғын сайлаўларда терең билимге, исенимли пуқаралық позициясына ийе болған жасларымыз белсене қатнасып, ўәкиллик уйымларында мүнәсип орын ийелесе, бул тек ғана жас әўладтың емес, ал пүткил халқымыздың мәплерин тәмийинлеўге үлкен үлес болып қосылады.

Қәдирли жас досларым!

Бүгинги тынышсыз ҳәм қәўетерли заманда жаслардың санасын ҳәм қәлбин ийелеўге қаратылған түрли қәўип-қәтерлер барған сайын күшейип баратырғанын бәршеңиз жақсы билесиз. Оларға қарсы гүресиўде халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәденияты, уллы ата-бабаларымыздың ерликлери, әзиз Өзбекстанымыздың миллий мәплери биз ушын күш-қүдирет дәреги болып хызмет етеди.

БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Өзбекстан тәрепинен «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенцияны ислеп шығыў басламасының алға қойылғаны жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық принципи тийкарында алып барып атырған кең көлемли жумысларымыздың избе-из бир бөлеги болып, ол жер жүзиндеги еки миллиардтан аслам жаслардың ҳуқықларын қорғаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Биз Өзбекстанның уллы келешегин қурыўға беккем бел байлаған екенбиз, бул уллы исти ертең емес, бүгин баслаўымыз керек, бул ушын дәслеп нәўқыран жасларымызға зәрүрли шараятларды бүгин жаратып бериўимиз керек.

Усы мүнәсибет пенен сизлерди исендирип айтпақшыман: биз жаслардың арзыў-нийетлерин, алдыңғы идеялары менен басламаларын әмелге асырыў мақсетинде жумысларымызды тек даўам еттирип қалмастан, оларды жаңа, және де жоқары басқышқа көтеремиз.

Әзиз ул-қызларым!

Бүгин биз өз алдымызға қойған үлкен ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалар пүткил халқымыз сыяқлы сизлерден де ҳәр тәреплеме үлкен таярлықты ҳәм мобилизацияны  талап етпекте.

Сизлер заманагөй билим ҳәм раўажланыў шыңларын ийелеп, өз әмелий ислериңиз, күш-ғайратыңыз бенен әзиз Ўатанымызға мүнәсип, садық перзент болатуғыныңызға исенимим кәмил.

Сизлерди жаслар күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық жеке ҳәм жәмийетлик өмириңизде жаңа табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

ӨзА