Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июнь күни Яшнобод ҳәм Қибрай районларында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары, ири жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп механика заводына барды.

Ташкенттиң санаат, транзит-логистика, инфраструктура бойынша имканиятларынан нәтийжели пайдаланып, жоқары қосымша қунға ийе болған алдынғы технологиялы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм олардың экспортын кеңейтиў пайтахтымызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Атап айтқанда, кең майдан, бос имаратлар ҳәм қурылмалар, зәрүр инфрастурктураға ийе болған Ташкент механика заводына сырт ел инвестициясын енгизиў ҳәм өндирис түрлерин көбейтиў ушын барлық имканиятлар бар. Ҳәзирги ўақытта завод аймағында оннан аслам кәрхана жумыс алып барып атырған болып, оларда еки ярым мыңнан аслам адам мийнет етпекте. Завод аймағында шөлкемлестирилген технопаркте 2019-2020-жылларда улыўмалық баҳасы 385 миллион доллардан аслам 16 кәрхананы иске түсириў жобаластырылмақта.

Бул кәрханаларда жылына 1 миллион данадан аслам кир жуўыў машинасы, 1 миллион дана асхана плитасы, усы муғдардағы турмыслық суўытқыш, саўда орынлары ушын 75 мың дана суўытқыш ҳәм музлатқыш,  700 мың дана электр суў ысытқыш, 550 мың дана суў насосы, 80 мың дана санаат кондиционери, 2 мың дана лифт ҳәм эскалатор, сондай-ақ, алюминь ҳәм биметалл радиаторлар, есик-рамалар фурнитуралары, сэндвич-панеллер, линолиум ҳәм басқа өнимлер ислеп шығарыў жобаластырылған. 9 мыңға шамалас жумыс орнын жаратыў, жылына дерлик 185 миллион долларлық товарды экспорт етиў нәзерде тутылған.

Президентимиз кәрханалардың үзликсиз ислеўи ушын турақлы қарыйдар кереклигин, шет еллердеги кәрханалар менен келисип, оларға зәрүр өним ҳәм аўысық бөлеклер таярлап бериў мүмкинлигин атап өтти. Жаңа жойбарлар ислеп шығыў, оларды халықтың жумысқа талабынан ҳәм бар ресурслардан келип шығып, ақылға уғрас жайластырыў бойынша тапсырмалар берди.

Ташкент механика заводын еки басқышта раўажландырыў жобаластырылған. Мәмлекетимиз басшысының көрсетпесине муўапық, усы аймаққа биринши басқышта 500 миллион доллар, екинши басқышта және 500 миллион доллар, улыўма 1 миллиард АҚШ доллары қаратылады. Соның нәтийжесинде 20-25 мың жумыс орнын жаратыў жобаластырылмақта.

Усы жерде Ташкент қаласының районларына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм аймақлық экспорт көлемин арттырыўға бағдарланған жойбарлардың презентациясы өткерилди.

2019-жылдағы Ташкент қаласының инвестициялық бағдарламасына улыўма баҳасы 2,7 миллиард долларлық жойбарлар киргизилген болып, олардың орынланыўы шеңберинде 1,8 миллиард долларлық тиккелей инвестиция енгизиледи. Бағдарламаға муўапық, быйылғы жылдың биринши ярымында дерлик 1 миллиард доллар қаржы өзлестирилип, санаат, хызмет көрсетиў, турақ жай қурылысы сыяқлы тараўларда ири жойбарлар әмелге асырылды.

Мәмлекетимиз басшысына бағдарламаның районлар кесиминдеги орынланыўы, сондай-ақ, оған қосымша жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Жәми 35 миллион долларлық усы жойбарлар тийкарында Сергели районында полимер нормалластырыўшы ҳәм пластификаторлары, безелген плита ҳәм мозаикалар, Бектемир районында LЕD жақтыландырғышлары, тоқымашылық буйымлары, Мырза Улығбек районында қурылыс материаллары, Яшнобод ҳәм Олмазор районларында кондитер өнимлери, Яккасарой районында спорт гилемлери, резиналы плиткалар ислеп шығарыў кәрханалары шөлкемлестириледи. Усы сыяқлы перспективалы жойбарлар басқа районларда да иске түсириледи.

Шавкат Мирзиёев 2020-жылдағы инвестициялық бағдарламаны ҳәзирден баслап қәлиплестириў, онда заманагөй технологияларды алып келиў есабынан экспорт етилетуғын өнимлерди көбейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселесине айырықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Президентимиздиң басламасы менен халықтың талап ҳәм мүтәжликлери, пайтахтымыздың келешектеги раўажланыўын есапқа алған ҳалда, Ташкент қаласы әтирапында жер үсти айланба метро линиясы, Мақтумқулы ҳәм Оҳангарон көшелериниң кесилиспесинде үш қабатлы заманагөй көпир қурылмақта.

Бүгинги күнге шекем елимизде үш қабатлы көпир қурылмаған. Қәнигелердиң пикиринше, пайтахтымыздың ҳәрекет ең көп болған кесилиспелериниң биринде бой тиклеп атырған бул көпир автомобильлердиң тығызлығын бир қанша азайтады. Соның менен бирге, жаңа транспорт байланысы Ташкент қаласынан Чорвоққа алып баратуғын жолды 22 километрге шекем қысқартып, усы тийкарда Чорвоқ ҳәм Чимён аймақларын раўажландырыўға тийкар жарататуғынын атап өтиў керек.

Көпир жойбарын «Боштранслойиҳа» акционерлик жәмийетиниң қәнигелери ислеп шыққан. Қурылыс жумысларын «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы «Көпир қурылыс трести» унитар кәрханасының жумысшылары алып бармақта.

Жойбарға муўапық, биринши басқышта Паркент ҳәм Оҳангарон шоссесине өтиўши бөлимде узынлығы 502 метр, кеңлиги 26,7 метрлик туннель қурылмақта. Туннельдиң бийиклиги дүньялық стандартларға сәйкес түрде 5,5 метр болып, еки жөнелисте автомобильлер 3 қатарда ҳәрекетленеди.

Екинши басқыш шеңберинде Қорасув аймағынан Мақтумқулы көшесине шығатуғын жолдың усы туннель үстинен өткен бөлиминде айланба көпир қурыў жумыслары қызғын даўам етпекте. Бул көпир арқалы төрт жөнелисте ҳәрекетлениў мүмкин болады.

Кейинги басқышта көпирдиң үшинши қабаты қурылып, ол Мақтумқулы ҳәм Темур Малик көшелерин тутастырады. Бүгинги күнде оның тырнағы салынбақта. Жол өткергиштиң улыўма узынлығы 593, кеңлиги 30 метрди қурайды, автомобильлер 6 қатарда ҳәрекетленеди.

Сондай-ақ, Ташкент механика заводында ремонтланған самолётларды исбилерменлик аэропортына алып барыў ушын жол өткергиш қурылмақта. Қурылыс жумысларына 190 нан аслам арнаўлы техника ҳәм автотранспорт қуралы, 220 дан аслам қурылысшы мобилизацияланған. Жол өткергишти 2019-жылдың ақырына шекем пайдаланыўға тапсырыў жобаластырылған.

Усы жерде Президентимизге жер үсти айланба метро линиясы және Ташкент метрополитениниң Юнусобод линиясы ҳәм Сергели жөнелисиндеги қурылыс процеси ҳаққында мағлыўмат берилди.

Узынлығы 52,1 километр болған 35 бәндиргили Ташкент жер үсти айланба метро линиясы жойбарының баҳасы 422,3 миллион долларға тең.

Жойбар бес басқышта әмелге асырылмақта. Дәслеп «Дослық» бәндиргисинен Қўйлиқ базарына шекемги болған бөлим қурылады. 11 километрлик аралықта 8 бәндирги қурыў жобаластырылған. Екинши басқышта Қўйлиқ базары менен «Олмазор» бәндиргиси байланыстырылады. Соң «Беруний» бәндиргисине шекем қатнаўлар жолға қойылады. Буннан соң «Бодомзор» бәндиргисине шекемги болған бөлим қурылады. Кейинги басқышта болса айланба метро линиясы және «Дўстлик» бәндиргисине жалғанады.

Быйылғы жылы Инвестициялық жойбар шеңберинде мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 317,3 миллиард сумлық капитал қойылмаларды өзлестириў, соның ишинде, 257,5 миллиард сумлық қурылыс-монтажлаў жумысларын алып барыў жобаластырылған.

Бүгинги күнде «Дўстлик» – «Қўйлиқ» жөнелисинде қурылыс жедел түрде даўам етпекте. «Дўстлик» бәндиргиси менен Роҳат айланба жолының аралығында 91 қәндек қазылған, 191 бетон қаплама таярланған. 190 дана биринши бағана ҳәм 189 дана екинши бағана темир-бетон тырнағы қурылған, 173 таяныш сүтини, 57 ригель, 191 балка орнатылған. Электропоездлардың «Өзбекстан» депосына өтиўи ушын 850 метрлик жер асты жолының 158 метри қурылған, 223 метрлик таяныш дийўалды монтажлаў жумыслары толық жуўмақланған.

Соның менен бирге, Роҳат айланба жолынан «Қўйлиқ» бәндиргисине шекемги аралықта 150 қәндек қазылған, 150 бетон қаплама таярланған. 150 дана биринши бағана ҳәм 150 дана екинши бағана темир-бетон тырнағы қурылған. 150 таяныш сүтини, 104 ригель, 104 балка орнатылған, 157 метрлик таяныш дийўалды монтажлаў жумыслары жуўмақланған.

«Дўстлик» – «Қўйлиқ» жөнелисин быйылғы жылдың декабрь айында пайдаланыўға тапсырыў жобаластырылған.

Қурылыс жумысларына 1000 жумысшы-инженер, 300 ден аслам техникалар тартылған. Метро қурылысы «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы «Көпир қурылыс трести» унитар кәрханасы тәрепинен әмелге асырылмақта.

Соңғы ўақытлары қаншадан-қанша жайлар қурылмақта, қала раўажланбақта. Усыны есапқа алып, жәмийетлик транспортты халыққа еле де қолайлы, арзан, қәўипсиз етип бериўимиз керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы усы жер үсти линиясын автобуслар жөнелислери менен өз-ара байланыстырыў бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиз Яшнобод районының Мақтумқулы көшесинде заманагөй медицина ҳәм илимниң жетискенликлери тийкарында қурылып атырған Балалар көп тармақлы медициналық орайы қурылысын барып көрди. 280 орынға мөлшерленген бул мәкемеде кардиохирургия, нейрохирургия, ортопедия ҳәм пластикалық хирургия, гемодиализ, улыўмалық хирургия, онкология, офтальмология, педиатрия, реанимация сыяқлы бөлимлер хызмети жолға қойылады.

Корея Республикасы экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры (ЕDCF) менен биргеликте әмелге асырылып атырған усы жойбардың баҳасы 130,58 миллион долларды қурайды. Орай жойбары дүнья медицинасының тәкирарланбас үлгилери тийкарында ислеп шығылған. Ҳәзир 4 қабатлы тийкарғы емлеў корпусы ҳәм 3 жәрдемши хожалық имараты қурылмақта. Тийкарғы имараттың 1-2-қабатларында пардозлаў, электромонтаж, сантехника, вентиляция, жәрдемши хожалық имаратларында ишки ҳәм сыртқы пардозлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Жаңа медицина мәкемесинде жылына 1500 ден аслам қурамалы операция өткериледи. 42,3 миллион долларлық 381 түрдеги ең заманагөй медициналық үскенелер алып келиниўи нәзерде тутылған. Бул балалар кеселликлерине 100 процент диагноз қойыў ҳәм емлеў имканиятын береди.

Диагностикадағы қәтеликлер, шыпакерлердиң көнликпеси жетиспегени себепли наўқас балалар, олардың ата-аналары көп қыйналатуғын еди, өткирлеў аўырыў болса, нуқсанлы болып та қалар еди. Бул орайдың ең әҳмийетли тәрепи сонда, ол елимиздеги барлық мәкемелер ушын базалық болады. Телемедицина арқалы узақ аймақларымыздағы балаларға да жәрдем көрсетиледи, деди Президент.

Медициналық орайды қурыў ҳәм үскенелеў менен бирге, усы жерде ислейтуғын кадрлардың көнликпесин арттырыў бойынша да қосымша жойбарлар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытқа шекем 19 шыпакер Қубла Кореяның Пусан университетинде тәжирийбе арттырып келди. Быйылғы жылдың август айында 30 мийирбийке, сентябрь айында 24 медициналық техника ҳәм мәлимлеме технологиялары бойынша қәниге, ноябрь айында 21 шыпакер жибериледи.

Сондай-ақ, усы мәкеме жанында ЕDCF менен биргеликте IV дәрежедеги ересеклер көп тармақлы медицина орайын қурыў жобаластырылған.

Мәмлекетимиз басшысы усы жойбар менен танысты.

Жойбар баҳасы 150 миллион доллар болған 300 орынлық орайда кардиохирургия, нейрохирургия, рентгеноэндоваскуляр хирургия, ангионеврология ҳәм ортопедия бөлимлериниң жумысларын жолға қойыў белгиленген. Жылына 8 мыңнан аслам технологиялық операциялар өткериў имканияты жаратылады, 764 жаңа жумыс орны ашылады.

Шавкат Мирзиёев «Ташкент-Шығыс» аэродромы тийкарында қурылып атырған аэропортты көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы усы жойбар менен танысып, пуқаралық авиация системасын жетилистириў бойынша көрсетпелер берген, елимизде исбилерменлик авиациясын жанландырыў керек екенлигин атап өткен еди.

Ҳәзирги ўақытта аэропорт аймағында 4 километр узынлықтағы 2 ушыў-қоныў жолы, 20 самолёт ушын перрон қурылмақта. Аэропорт еки терминалдан ибарат болады. Биринши терминалда мәмлекет басшылары ҳәм ҳүкиметлик делегацияларға, екинши терминалда саатына мың VIP-жолаўшыға хызмет көрсететуғын имаратлар қурылады. Күнине 100 тонна жүкти қайта ислеў, «Боинг-787», «А-320» самолётлары ҳәм «МИ-8» маркасындағы вертолётқа техникалық хызмет көрсетиў имканиятлары жаратылады.

Қурылыс жумыслары «Өзбекстан темир жоллары» АЖ буйыртпасы тийкарында «Транс йўл қурилиш махсус пудрат» ЖШЖ, «Қурылыс-монтажлаў трести» ҳәм «Тошкент кўприклардан фойдаланиш» унитар кәрханалары тәрепинен әмелге асырылмақта. Жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў бойынша комплексли жумысларды атқарыў ушын Швейцарияның «В and Contractors S.A.» «IT Engineering S.A.» компаниялары менен шәртнамаға қол қойылған.

Жойбардың биринши басқышын 2020-жылы жуўмақлаў жобаластырылған.

Президентимиз бул жердеги қурылыс процеси менен танысып, сырт елли қәнигелер менен сәўбетлести. Аэропортты узақты ойлап, сапалы ҳәм қәўипсиз етип қурыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаятының Қибрай ҳәм Жоқары Шыршық районлары аймағында қурылған жаңа автомобиль жолын барып көрди. Шыршық дәрьясы үстинде қурылған көпир менен танысты.

19,2 километр узынлықтағы жаңадан қурылып атырған автомобиль жолы «Улыўмалық пайдаланыўдағы автомобиль жолларын қурыў ҳәм реконструкциялаў дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы буйыртпасы тийкарында «Тошкент кўприклардан фойдаланиш» унитар кәрханасы тәрепинен қурылмақта.

Үш басқышта әмелге асырылыўы белгиленген бул жойбар мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылмақта. 1-2-басқышқа 306 миллиард сум қаржы қаратылған.

Биринши басқышта автомобиль жолының 12,1 километрлик аралығында жерди таярлаў жумыслары, қум-шебень араласпасынан ҳәм М-75 маркалы бетоннан тийкар қурыў, жасалма сооружениелер қурыў ҳәм 2 орында көпир қурыў жумыслары жуўмақланған. Автомобиль жолы үстине 9 сантиметрлик қалыңлықта ири бөлекли асфальтбетон ҳәм 6 сантиметрлик қалыңлықта майда бөлекшели асфальтбетон араласпасын жайыў, автомобиль жолының жақтыландырыў системасын және пиядалар жолын қурыў жумыслары даўам етпекте.

Жол 6 полосалы болып, заманагөй үлгилер тийкарында қурылған. Еки шетинде пиядалар ушын арнаўлы жоллар қурылған.

Жойбардың екинши басқышында 6,5 километр узынлықтағы автомобиль жолын қурыў белгиленген болып, ҳәзирги ўақытта жерди таярлаў жумыслары, қум-шебень араласпасынан тийкар ҳәм жасалма сооружениелерди қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Биринши ҳәм екинши басқышта белгиленген жумыслар быйылғы жылдың төртинши шерегинде жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыўы жобаластырылған.

Президентимиз жоллар қурылысын избе-из даўам еттириў, бул тараўда сапалылықты тәмийинлеў ушын тәжирийбели кадрлар таярлаў зәрүрлигин атап өтти. Ташкент автомобиль жолларын жойбарластырыў, қурыў ҳәм пайдаланыў институтында Германияның оқытыў системасын енгизиў, усы тараўда орта мағлыўматлы қәнигелерди таярлайтуғын аймақлық колледжлер шөлкемлестириў бойынша усыныслар берди.

 

ӨзА