USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 18 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

«МАРД ЎҒЛОН» МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҒЫ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм қәбилети, умтылыўшаңлығы ҳәм интакерлиги, ҳадал ҳәм жемисли мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған, руўхыйлығы жоқары, еркин пикирлейтуғын, исенимли турмыслық позицияға, кең көзқарасқа ҳәм жоқары потенциалға ийе, елимиздиң раўажланыўы ушын жуўапкершиликти өз мойнына ала алатуғындай пидайы ҳәм мәрт перзентлеримизди мүнәсип хошаметлеў мақсетинде және Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июлдеги «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан  жаслар аўқамы жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы  ПП-5106-санлы Пәрманы ҳәм 2017-жыл 21-ноябрьдеги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығын енгизиў  илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3402-санлы қарарына тийкарланып:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилиетли жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысы даўамында ерискен айрықша жетискенликлери ушын «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усынысы қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға «Жаслар күни» қарсаңында өткерилетуғын байрамларда сыйлықланғанлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ҳәр бирине ең кем айлық мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ибратлы жумыслары, олардың бийтәкирар қәбилиети ҳәм ерискен табысларын кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары – Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы К.К.Куранбаевқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 28-июнь

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

2019-жыл 28-июндеги ПҚ-4367-санлы қарарына қосымша

«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанлар

ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Машарипов Элёр Шамурат улы –  Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының әскерий бөлим топарының үлкен офицери

 

Раджапов Алишер Мухадинович – Нөкис спорт колледжиниң 3-басқыш оқыўшысы

 

 ӨзА