30-июнь – Жаслар күни байрамы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы амфитеатрда саат 19:00 ден 21:00 ге шекем «Жаслар – Өзбекстан келешеги» ураны астында гала-концерт болып өтеди.

Сондай-ақ, гала-концерт шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Хошамет» сыйлықлаў салтанаты да болып өтиўи жобаластырылған.

Республикамыздың барлық пуқараларын байрам мүнәсибети менен өткерилетуғын илажларға қатнасыўға шақырып қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.