Ертең – 30-июнь. Елимиз бойлап «Жаслар күни» байрамы кең түрде белгилениўи жобаластырылмақта.

Сәне мүнәсибети менен пайтахтымыздағы театрларда қандай спектакльлер тамашагөйлер итибарына усынылады? Мәдений илажлар қайсы театрларда болып өтеди? Усы сыяқлы сораўларға 28-июнь күни Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде болып өткен баспасөз конференциясында жуўап берилди.

30-июнь күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Сақаўат бағы», саат 11:00 де Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Ўатан топырағы» спектакльлери тамашагөйлердиң нәзерине усынылса, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында саат 11:00 де сәне мүнәсибети менен концерт бағдарламасы болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.