Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтында усы жылдан баслап қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдары бойынша күндизги бөлимге абитуриентлерден ҳүжжетлер қабыл етиле баслады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

2019-2020-оқыў жылы ушын қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бакалавр бағдарына 20 студент қабыл етилиўи белгиленген (5 мәмлекетлик грант, 15 төлемли контракт тийкарында).

Сондай-ақ, усы институттың баслаўыш тәлим ҳәм спорт тәрбиялық жумысы бакалавр бағдарында да қарақалпақ тили топары ашылып, оған 15 студент қабыл етилиўи режелестирилген (5 мәмлекетлик грант, 10 төлемли контракт тийкарында).

Еслетип өтемиз, Наўайы ўәлаятының Кенимех районы орайында, Шоркөл ҳәм Жаңақазған аўылларында қарақалпақ мектеплери хызмет көрсетип келмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.