Нөкис қаласында Журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен Германияның бирге ислесиў шөлкеминиң қаржылай жәрдеми менен «Әмиўдәрьяның төменги ағысындағы экосистеманы сақлаў ҳәм жерден пайдаланыўға экологиялық қатнасты ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў» темасында семинар-тренинг өткерилди.

Онда тийисли тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинар тренингте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Экоҳәрекет депутатлары топарының ағзасы, Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң Атқарыў комитети баслығының орынбасары И.Хушвақтов, ӨзМЖТУ халықаралық журналистика факультетиниң доценти, Журналистлерди қайта таярлаў орайының медиатренери Н.Қосимова, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң мәлимлеме хызметиниң баслығы  Э.Омонов, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты баслығының орынбасары А.Туреев, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Д.Бекбаева  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Арал теңизи қурыўының усы регионда жасап атырған халыққа унамсыз тәсири туўралы айтып, экологиялық машқалалар ҳәм оны сапластырыў, халықтың экологиялық мәдениятын көтериў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Ҳәзирги ўақыттағы дүнья жүзилик глобал ысыў, Арал теңизиниң қурыўы, усы региондағы биокөптүрлиликтиң бузылыўы, тек Өзбекстанға емес, ал басқа да Орайлық Азия мәмлекетлерине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпекте. Келешек әўлад ушын Аралбойы аймақларындағы флора ҳәм фаунаны сақлаў, оның раўажланыўына үлес қосыў кең жәмийетшилик алдында турған әҳмийетли мәселелердиң бири болып есапланады. Әсиресе, усы машқаланы шешиўде FХҚның тутқан орны айрықша.

– Бул жойбардың тийкарғы мақсети – Төменги Әмиўдәрья бойларындағы биокөптүрлиликти сақлаўдағы машқалалар ҳаққында журналистлер менен  жәмийетшиликтиң хабардарлығын арттырыў, FХҚ ўәкиллериниң экологиялық темаларға қәнигелесиўин күшейтиў, медиатехнологиялардан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў болып есапланады,-дейди Н.Қосимова. – Сондай-ақ, аймақтағы экосистеманы сақлаў бойынша жәмийетшилик ўәкиллерин ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң социаллық бирге ислесиўин күшейтиўден ибарат.

Семинар тренингте глобал ықлым өзгериўиниң Аралбойы экономикасына, халықтың денсаўлығына, жәмийетлик турмысқа тәсири, Төменги Әмиўдәрья резерватының статусы, машқалалары ҳәм оның шешими, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызамшылықтағы өзгерислер, экотуризм мәселелериниң ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирилиўи туўралы мағлыўматлар берилип, оларды шешими бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, жойбар шеңберинде рус ҳәм өзбек тиллеринде «Экологиялық журналистика» оқыў қолланбасы ислеп шығылғаны, усы жыл июнь-сентябрь айларында теманы ең жақсы ҳәм актив түрде сәўлелендирген 20 журналист ушын Төменги Әмиўдәрья тоғайларына медиатур шөлкемлестирилетуғынлығы, 15-июньнен 15-октябрьге шекем журналистлер ушын таңлаў жәрияланып, үш ең жақсы материал ийеси ҳәм «Әмиўдәрья: кеше ҳәм бүгин ең жақсы фоторепортажы» номинациясында жеңимпаз болғанлар ноябрь айында, Әмиўдәрья күнинде сыйлықланатуғынлығы туўралы мағлыўмат берилди.

Илажда Өзбекстан Экологиялық партиясына жаңадан ағзалар қабыл етилип, оларға ағзалық билетлери тапсырылды.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.