Ташкент информациялық технологиялар университетиниң Нөкис филиалы 2019-2020-оқыў жылы ушын магистратура қәнигеликлерине ҳүжжет қабыллайтуғынлығын мәлим етти.

Филиал баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 2019-2020-оқыў жылы ушын төмендеги қәнигеликлер бойынша ҳүжжетлер қабылланады:

1) Компьютер инжиниринги (Компьютер системаларын жойбарлаў) – жәми 3 орын, соннан өзбек топары ушын 3 мәмлекетлик грант тийкарында;

2) Телекоммуникациялық инжиниринг (Телекоммуникациялық тармақлар) – жәми 2 орын, соннан өзбек топары ушын 2 мәмлекетлик грант тийкарында.

Еслетип өтемиз, магистратураға ҳүжжетлерди қабыллаў усы жылдың 1-30-июль күнлери аралығында болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.