Ҳуқық қорғаў уйымлары Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис Сенатының 20-мәжилисинде Үстирт газ-химия комплекси қурылысында 80 миллион доллар пара алғаны ҳаққындағы баянаты бойынша жумыс баслады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

«Ғәрезсиз болғанымыздан берли нефть-газ тараўындағы жойбарлардың 50 проценти пара тийкарында болып келген. Бир ғана Сүргил нефть-газ жойбары ушын бир лаўазымлы адам 80 миллион доллар алған!», – деп айтып өткен еди Президент.

«Өзбекнефтьгаз» басқарыў директоры Б.Сиддиқов бул фактти «тастыйықлаў ушын тийкары жоқ екенлигин» мәлим етти.

«Бул мәселеде мәмлекет басшысының баянаты болса, демек, онда жетерлише дәлиллер бар ҳәм бул бойынша тийисли шаралар көрилиўи тәбийғый. Мәлим болыўынша, ҳуқық қорғаў уйымлары бул мәселе менен шуғылланыўды баслаған», – деп айтып өткен Сиддиқов журналистлерге.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.