2019-жыл 27-июньде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң усы жылдың май айында мәмлекетимизде өткерилген пуқаралар жыйынлары баслықларының (ақсақаллары) сайлаўы жуўмақларына бағышланған мәжилиси видеоселектор түринде болып өтти.

Оны Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Мәжилисте пуқаралар жыйынлары баслықларын (ақсақалларын) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши републикалық комиссия ағзалары, сайлаўды шөлкемлестириў және өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы комиссияларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы  Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң жуўапкер хызметкерлери, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша републикалық кеңес ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң басшылары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, республикамыз көлеминде жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилген бул әҳмийетли илаж мәмлекетимизде демократия тийкарларын және де беккемлеў, избе-из  ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолында қойылған және бир әҳмийетли қәдем болды.

Бул ретки пуқаралар жыйынлары баслықларын (ақсақалларын) сайлаў жәмийетти және де реформалаў ҳәм демократияластырыў, мәмлекетти модернизациялаў шараятында болып өтти. Соның ишинде, 2018-жылдың октябрь айында «Пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў ҳаққына»ғы нызам жаңа редакцияда  қабыл етилди. Онда пуқаралар жыйынларының баслығы (ақсақалы) үш жыл мүддетке сайланыўы, жасырын даўыс бериў, пуқаралар жыйынлары баслықларын (ақсақалларын) сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши республикалық комиссияның ўәкилликлери, пуқаралар ўәкиллериниң саны сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың улыўма санының кеминде 12 процентин қураўы керек екенлиги сыяқлы жаңа қағыйдалар беккемлеп қойылды. Сайлаў процеси усы қағыйдаларға муўапық әашық-айдынлық, альтернативлик ҳәм тең ҳуқықлы сайлаў принциплери тийкарында өткерилгенлиги мәжилисте айрықша атап өтилди.

Сайлаўды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын барлық зәрүрли шараятларды тәмийинлеў мақсетинде Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң 2019-жыл 15-февральдағы қарары менен Пуқаралар жыйынлары баслықларын (ақсақалларын) сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши републикалық комиссия дузилди, сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы илажлардың жобасы тастыйықланды. Оған бола Пуқаралар жыйынлары баслықларын (ақсақалларын) сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши републикалық комиссия ҳәм аймақлық комиссиялар бул бағдардағы кең көлемли илажларды нәтийжели муўапықластырып барды. Жәми 9093 жумысшы топар ҳәр бир мәҳәлледе сайлаўды үлгили түрде шөлкемлестириў ҳәм өткериўде жанкүйерлик көрсетти. Бунда ең алды менен, пуқаралардың сайлаў ҳәм сайланыўға байланыслы конститутциялық ҳуқықлары булжытпай орынланыўына айрықша итибар берилди.

Республикалық комиссия тәрепинен Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши аймақлық, район ҳәм қалалардың комиссиялары және жумысшы топарлардың ағзалары ушын тараўға тийисли нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин және сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин тусиндириў бойынша семинар ҳәм дөңгелек стол сәўбетлери өткерилди. Соның менен бир қатарда сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы ҳүжжетлер топламы ҳәм басқа да ҳуқықый әдебиятлардың орынларға өз ўақтында жеткерип берилгени нызамшылықтың толық тәмийинлениўине хызмет етти.

Сондай-ақ, бир қатар бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте орынларда жергиликли ғалаба хабар қуралларында жумыс алып барып атырған журналистлер ушын аймақлық семинар-тренинглер өткерилди.

Болып өткен сайлаў жуўмақлары ҳаққында сөз барар екен, мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен онда 9093 пуқаралар жыйынында мәмлекетимиздеги даўыс бериў ҳуқықына ийе пуқаралардың ўәкили сыпатында 2 миллион 58 мыңнан зыят адам ҳәм 22264 усыныс етилген талабанның тиккелей қатнасқанлығы атап өтилди. Сонда бир мәҳәлле баслығы лаўазымына орташа 2,4 талабан туўра келгенлиги сайлаўдың альтернативлик тийкарда өткерилгенлигинен дәрек береди.

Жерлеслеримиз мәҳәллеге бас болыўдай жуўапкершиликли жумысты кимге исенип тапсырыў мәселесине бул ретки сайлаўда алдынғылардан да жуўапкершиликли қатнаста боды. Бул болса сайланған басшылардың сапа қурамының да жақсы тәрепке өзгеретуғынан дәрек береди. Нәтийжеде 9093 ақсақал сайланып, олардан 6208 ақсақал бул лаўазымға биринши мәрте сайланған, 57,6 проценти жоқары мағлыўматқа ийе. Сайланған пуқаралар жыйыны баслықларының 11,2 проценти ҳаял-қызлар, 164 ақсақал жергилики Кеңеслердиң депутатлары есапланады.

Болып өткен сайлаўдың және бир әҳмийетли тәрепи сонда, мәҳәлле ақсақаллығына бул сапары кәсиби бойынша педагог болған инсанлар көбирек сайланды. Бул болса халқымыздың устазларға шексиз ҳүрметте екенлигин, өз перзентлерине билим ҳәм тәрбия берген инсанларға мәҳәлле ақсақалы болыўдай жуўапкершиликли жумысты исенип тапсырыўға таяр екенлигин билдиреди. Ал буны елимизде педагог кадрларды қоллап-қуўатлаў, жәмийеттеги оларға болған мүнәсибетти түпкиликли жақсылаў бағдарында қойылатуғын қәдемлердиң және бир нәтийжеси, деп баҳалаў мүмкин.

Сайлаўдың демократиялық принциплер тийкарында өткерилиўин тәмийинлеў – жумысшы топарлар ҳәм, улыўма процеске байланысы бар барлық структуралардың тийкарғы ўазыйпасы болды. Оны әмелге асырыўда әҳмийетли сиясий ўақыяның барлық басқышларын кеңнен жарытыўға айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда республикалық комиссия ҳәм аймақлық комиссиялар жанында дузилген мәлимлеме хызметлери нәтийжели жумыс алып барды. Буның нәтийжесинде орайлық және жергиликли ғалаба хабар қуралларында 15 мыңнан зыят материал жәрияланды. Тийкарынан, телерадиоканаллар эфиринде 6,5 мыңға жақын, газета ҳәм журналларда мыңнан зыят, интернет басылымларына 7,6 мың материал жайластырылды.

Атап өтилгениндей сайлаў процесинде тийисли нызам ҳүжжетлериниң айтарлықтай бузылыў жағдайлары ушыраспады.

Мәжилисте пуқаралар жыйынлары баслықларының мәҳәлле институтын және де раўажландырыў, оның жәмийеттеги абырайын буннан былайда арттырыў, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў бағдарындағы жумысларды күшейтиў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға итибар қаратылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Сенаты Кенгашиниң додаланған мәселе бойынша тийисли қарары қабыл етилди.

Сол күнниң өзинде усы мәселеге байланыслы брифинг видеоконференц байланыс түринде өткерилди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА