Пайтахтымыздағы Өзбек Миллий академиялық драма театрында 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ветеран журналистлер, баспалар, полиграфшылар, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Х.Султонов оқып еситтирди.

Бүгин журналистлерден оперативлилик, қалыслық пенен бирге мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қойылып атырғын ўазыйпаларға жуўапкершилик, пуқта ҳәм терең билим тийкарында, өз жумысына, дөретиўшилик, терең сын көзқарастан таллаў руўхында қатнас жасаў талап етилмекте.

Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған адамгершиликли ҳәм халықшыл сиясат миллий журналистиканы жедел раўажланыў, сөз ҳәм баспасөз, пуқаралардың мәлимлеме алыўға байланыслы ҳуқық және еркинлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта. Баспасөздиң раўажланыў жолындағы ғамқорлық ҳәм итибар тараў хызметкерлериниң жәмийеттеги социаллық статусын барған сайын арттырыў, оларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаўда өз көринисин таппақта.

Ғалаба хабар қуралларының раўажланыўы, редакция-полиграфия комплекслериниң сан ҳәм сапа жағынан өсиўи, пуқаралық жәмийет институтлары, реклама агентликлери, мәлимлеме хызметлери, медиа коммуникация, интернет журналистикасының қәлиплесиўи бәсекиге шыдамлы, жаңаша шараятларда жумыс ислей алатуғын журналист кадрларды таярлаў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте. Онда Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң әҳмийети үлкен болмақта.

Бүгин мәмлекетимиздеги реформалар процеси яки дүньяның қәлеген шетинде жүз берип атырған ўақыя ҳәм ҳәдийселер ҳәзирги ўақыттың өзинде ғалаба хабар қураллары, әсиресе, интернет басылымларында жәрияланбақта. Елимизде пуқаралық журналистикасы, блогерлердиң жумысы барған сайын жеделлесип бармақта. Ҳәзир жәмийетимизге дақ түсирип атырған коррупция, парахорлық, бийпәрўалық, итибарсызлық, өзиболадылық сыяқлы иллетлер ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң итибарынан шетте қалмай атыр. Ҳәзирги ўақытта сөз еркинлиги менен бирге оның жуўапкершилиги, жәмийет, халық, миллет алдындағы социаллық бурыш, кәсипке, өзиниң жумысына садықлық, жумысқа пидайыларша мүнәсибет, қалыслық ҳәм хадаллық, миллеттиң, елдиң мәплерин жоқары сезиниў, мәлимлеме қәўипсизлигин терең тәмийинлеў, журналистлик әдеплилик, ҳүрмет сыяқлы түсиник ҳәм принциплердиң барған сайын әҳмийети артып баратырғаны жақсы белгили. Булардың ҳәммеси өзин медиа тараўға бағышлаған инсанлардан журналист деген атқа ылайықлықты, болып атырған өзгерислер процесин саламат көзқарас, әдиллик өлшеми тийкарында таллаўды ҳәм усы тийкарды халқымызға жеткериўди, жәмийеттеги әҳмийетли мәселелерди және де анық көтерип шығыўды талап етпекте.

Президентимиздиң пәрманы тийкарында демократиялық принциплер, сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, қалыс ҳәм ҳақыйқый мәлимлеме жеткериў, елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, жаңаланыў ҳәм инновациялық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша мийнетлери ушын бир топар ҒХҚ ўәкиллери атақ, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланды.

Илажда бул сыйлықларды Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.

«Сырдәрья ҳақыйқаты» газетасының бөлим баслығы, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» атағының ийеси Холида Пардабоева, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «O’zbekiston 24» телеканалы бөлим баслығы, «Шуҳрат» медалының ийеси Назира Мамбетшарипова, «Корё Синмун» газетасы бас редакторының орынбасары, «Дўстлик» орениниң ийеси Аллай Магай, социаллық тармақлардағы «Xushnudbek.uz» бетлериниң администраторы, «Келажак бунёдкори» медалының ийеси Хушнуд Худайбердиев, социаллық тармақлардағы «Davletov.uz» бетлериниң администраторы, «Шуҳрат» медалының ийеси Қобил Хидиров баспасөзде пикирлеўлер ҳәм көзқараслардың ҳәр түрлилигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаның атап өтип, тараўдың раўажланыў жолындағы үлкен итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

– Кишигирим мийнетлерим инабатқа алынды, – дейди «Маърифат» газетасының бөлим редакторы,  «Фидокорона хизматлари учун» ордениниң ийеси Маҳмуд Саъдинов. – Президентимиз қайта-қайта өзиниң шығып сөйлеген сөзинде руўхый сергекликке шақырады. Журналистиканың «төртинши ҳәкимият» сыпатындағы статусы беккемленбекте. Жәмийеттеги машқалалы мәселелерди сәўлелендириў, усы мәнисте халқымызға жәрдемши болыўы ушын тараў ўәкиллеринен анықлық, ҳақыйқатлық ҳәм қалыслық талап етиледи.

Салтанатлы илажда көркем өнер ғайраткерлери, эстрада жулдызлары ҳәм жас атқарыўшылардың қатнасыўында концерт көрсетилди.

Усы күни пайтахтымыздағы Ғафур Ғулом атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағында тараў хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақлары ушын байрам сейили, китаплар, газета-журналлардың көргизбе-ярмаркалары, көркем өнер топарлардың концертлери болып өтти. Байрам илажлары мәмлекетимиз бойлап көтериңки руўхта белгиленди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы