Қәдирли дослар!

Ең дәслеп, сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен шын қәлбимнен қутлықлайман.

Сизлерге өзимниң шексиз ҳүрметим, жақсы тилеклеримди билдирип, машақатлы ҳәм мәртебели жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Ҳәммемизге белгили, баспасөз, ғалаба хабар қуралларының жумысы барлық дәўирлерде де аўыр ҳәм жуўапкершиликли болған. Елимиз жаңа раўажланыў басқышына көтерилип атырған, жәриялылық ҳәм ашық-айдынлық, сөз ҳәм пикир еркинлиги турмысымыздың өлешимине айланып баратырған ҳәзирги дәўирде бул жуўапкершилик еле де күшеймекте.

Бүгинги күнде дүнья жедел түрде өзгермекте. Барлық тараўлар сыяқлы мәлимлеме алыў ҳәм оны жеткериў, тәсиршең жәмийетлик пикирди қәлиплестириў бағдарында да бәсеки кескин түс алмақта. Бундай қурамалы шараятта турмыс жаңадан-жаңа талап ҳәм ўазыйпаларды алдымызға қоймақта.

Булардың барлығын есапқа алып, елимизде ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, миллий медиа орталыққа ҳәр қыйлы мүлк формасы және сиясий-социаллық бағдардағы ғалаба хабар қуралларының еркин трде жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Глобаллық тармақта Uz доменли веб-сайтлардың, мәлимлеме порталларының саны барған сайын көбейип, олар ҳәр қыйлы тиллерде жумыс алып бармақта.

Жаңаша шараятта мәлимлеме тараўындағы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде бурынғы Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги негизинде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги шөлкемлестирилгенинен хабарыңыз бар.

Усы агентлик тәрепинен ғалаба хабар қуралларының жумысларын муўапықластырыў, журналистлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, сырт ел медиа компаниялары менен бирге ислесиўди күшейтиў, шет ел веб-ресурслары ҳәм сайтларынан толық пайдаланыў имканиятын жаратыў, бир сөз бенен айтқанда, мәлимлеме орталығындағы пикирлердиң көптүрлилигин тәмийинлеўге бағдарланған бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Белгили болғанындай, бүгинги күнде барған сайын жедел ҳәм көп тармақлы тараўға айланып баратырған ғалаба хабар қураллары ушын глобаллық медиа орталықта кескин бәсекиге шыдам бере алатуғын, белсене пуқаралық позициясына ийе заманагөй кадрлар таярлаў алдымызда турған ең әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Усы зәрүрликти есапқа ала отырып шөлкемлестирилген Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети дәстүрий билим ҳәм көнликпелер менен бирге, инновациялық ойлаў, тараўға байланыслы технологияларды, шет тиллерди пуқта ийелеген кадрлар таярлаў бойынша республикамыздағы жетекши жоқары оқыў орнына айланады, деп исенемиз.

Соңғы жылларда елимиз ғалаба хабар қуралларында турмысымыздағы жақсы өзгерислердиң анализи, саламат сын көзқарас күшейип атырғаны айрықша итибарға ылайық.

Себеби, бундай тенденция реформаларымыздың нәтийжесин арттырыўға, жәмийетлик қадағалаўды, пуқараларымыздың жәмийетлик белсендилигин күшейтиўге хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, барлық дәрежедеги басшы ҳәм жуўапкерлерди ел-журт пикири менен, заман талаплары менен есапласқан ҳалда ислеўге үйретеди.

Әлбетте, өзиниң билим ҳәм потенциалына, исшеңлик пазыйлетлерине исенген басшы сын пикирден қорықпайды, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўди халық пенен пикирлесиўдиң нәтийжели қуралы, деп биледи. Негизинде де усындай пикирлесиў раўажланыўымызды тәмийинлейтуғын ең тийкарғы факторлардың бири болып табылады.

Соның менен бирге бәршемиз бир ҳақыйқатлықты умытпаўымыз зәрүр: мәлимлеме орталығындағы ҳәр қыйлы пикир-таласлар, ең алды менен, ҳақыйқатлық ҳәм қалыслық принциплерине тийкарланыўы, нызам ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары шеңберинде болыўы, жеке ғәрез ҳәм өш алыўға, жалған абырай арттырыў усылына айланып кетпеўи, инсан шахсы ҳәм мәртебесин аяқ асты етиўден аўлақ болыўы, бундай унамсыз жағдайларға бизиң медиа орталығымызда улыўма орын болмаўы керек.

Өмирге бәрқулла сергек көз бенен қарайтуғын, халық ҳәм Ўатан мәпин барлық нәрседен үстин қоятуғын сиз, баспасөз ўакиллери, бул ҳақыйқатлықты ҳәр тәреплеме терең аңлайсыз, деп ойлайман.

Және бир мәрте атап өтпекшимен, турмысымыздағы бүгинги үлкен өзгерислер, реформаларымыздың логикасы бәршемизден жаңаша ислеўди, жаңа идея ҳәм басламалар менен ортаға шығыўды талап етпекте.

Усы мәнисте, ғалаба хабар қуралларының материаллық-техникалық базасын, кадрлар потенциалын беккемлеў, миллий баспасөзимиздиң халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўине ерисиў, Интернет журналистикасын раўажландырыў, баспа жумысы, китап саўдасы, жазылыў ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелеринде дүнья жүзинде өзин ақлаған базар механизмлерин кең енгизиў, әшкаралық ҳәм саламат бәсеки шараятында ислеўге үйрениў бойынша биргеликте еле көп жумыс ислеўимиз керек.

Өз гезегинде, биз ғалаба хабар қуралларының жумыс еркинлиги кепилликлерин беккемлеў, журналистлердиң машақатлы мийнетин мүнәсип баҳалаў ҳәм хошаметлеў, жәмийетте демократиялық принциплер, пикирлер ҳәм көз-қараслардың рәңбәреңлигин тәмийинлеў бағдарында алып барып атырған жумысларымызды әлбетте избе-из даўам еттиремиз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли дослар!

Сиз, әзизлерди, сизлер арқалы көплеген барлық ықласбент ҳәм оқыўшыларыңызды бүгинги байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизге денсаўлық, жаңа дөретиўшилик табыслар, шаңарағыңызға тынышлық,  мол берекет тилеймен.

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти