Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы жыйналыс болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, халқымыз бул машақатлы ҳәм жуўапкерли кәсип ийелериниң мийнетин бәрқулла бақлап барады ҳәм инсанларға ең жақын кәсип ийелери сыпатында айрықша ҳүрмет етиў менен бирге, бүгинги турмысты баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларысыз көз алдыға келтире алмайды. Президентимиздиң «ғалаба хабар қураллары сөзде емес, әмелде «төртинши ҳәкимият» дәрежесине көтерилиўи зәрүр. Бул-заман талабы, реформаларымыздың талабы»,-деген баҳалы пикирлерин терең сезинип, өзлериниң пикирлеў дүньясын, билим дәрежесин, кәсиплик мәдениятын, шеберлигин ҳәм басқа да сыпатларын сын көз-қарастан баҳалап барыўы тийис.

Өткен қысқа дәўир ишинде Президентимиз тәрепинен  баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўын басқарыўды жетилистириў,  Журналистлер дөретиўшилик аўқамының, ғалаба хабар қуралларының, тараў хызметкерлериниң мийнетлерин хошаметлеў, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигин шөлкемлестириў бойынша қабыл етилген пәрман және қарарлар турмысымызда айрықша орын ийелейди. Өйткени,  ҳәзирги глобалласыў ҳәм информация дәўири ҳәр бир журналисттен, радио, телевидение ҳәм баспасөз тараўы хызметкерлеринен дәўирге сай қәдем таслаўды, өз үстинде, жаңадан-жаңа темалар әтирапында тынымсыз излениўлер алып барыўды, жаңаша пикирлеўди қатаң талап етпекте.

Быйылғы жылы «Вести Каракалпакстана» газетасының жарық көргенине 100 жыл, «Еркин Қарақалпақстан» газетасына 95 жыл, Қарақалпақстан хабар агентлигине 65 жыл, Қарақалпақстан телевидениесине 55 жыл, сондай-ақ, «Тараққиёт кўзгуси» газетасына 85 жыл, «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасына 75 жыл,«Ақмаңғыт таңы» газетасына 50 жыл  толыўы-миллий журналистикамыз мүнәсип раўажланыў басқышларынан өткенин және бир мәрте дәлиллейди.

Илажда «Вести Каракалпакстана» газетасының жарық көргениниң 100, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 95 жыллығы мүнәсибети менен газета хызметкерлери ҳүрметли атақлар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң атынан республикалық газета-журналлардың редакцияларына, Қарақалпақстан хабар агентлиги жәмәәтине компьютер топламлары саўға етилди.

Буннан кейин «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы, сенатор Г.Аннақлышева ҳәм басқалар жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлап,  Президентимиз тәрепинен баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўын раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, машақатлы кәсип ийелериниң мийнетин хошаметлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Байрам мүнәсибети менен баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўының бир топар пидайы хызметкерлерине министрликлер менен жәмийетлик шөлкемлердиң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлы саўғалары тапсырылды.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.