Әзиз дослар!

Ең дәслеп, бүгин кәсиплик байрамын кең түрде белгилеп атырған барлық журналистлерди, баспа ҳәм полиграфия пидайыларын, радио ҳәм телевидение жәмәәтлерин, тараў ветеранларын 27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз.

Халқымыз бул машақатлы ҳәм жуўапкерли кәсип ийелериниң мийнетлерин бәрқулла бақлап барады ҳәм инсанларға ең жақын кәсип ийелери сыпатында айрықша ҳүрмет етиў менен бирге, бүгинги турмысты баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларысыз көз алдына келтире алмайды.

Ҳақыйқатында да, Сизлердиң елимизде жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар, шешимин күтип турған мәселе ҳәм машқалалар, инсанларды анық мақсетлер әтирапына жәмлестириў жолында алып барып атырған дөретиўшилик мийнетлериңизди жоқары баҳалаймыз.

Ҳүрметли Президентимиздиң«Ғалаба хабар қураллары сөзде емес, әмелде «төртинши ҳәкимият» дәрежесине көтерилиўи зәрүр. Бул – заман талабы, реформаларымыздың талабы», – деген баҳалы пикирлерин терең сезинип, өзлериниң пикирлеў дүньясын, билим дәрежесин, кәсиплик мәдениятын, шеберлигин ҳәм басқа да сыпатларын сын көзқарастан баҳалап барыўы тийис, деп есаплаймыз.

Өткен қысқа дәўир ишинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўын басқарыўды жетилистириў, Журналистлер дөретиўшилик аўқамының, ғалаба хабар қуралларының, тараў хызметкерлериниң мийнетлерин хошаметлеў, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанында Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигин шөлкемлестириў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар турмысымызда айрықша орын ийелейди.

Өйткени, ҳәзирги глобалласыў ҳәм информация дәўири ҳәр бир журналисттен, радио, телевидение ҳәм баспасөз тараўы хызметкерлеринен дәўирге сай қәдем таслаўды, өз үстинде, жаңадан-жаңа темалар әтирапында тынымсыз излениўлер алып барыўды, жаңаша пикирлеўди қатаң талап етпекте.

Солай екен, ғалаба хабар қуралларын және де демократияластырыў, баспасөздиң сапасын ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў, тартымлы темалар дөгерегинде излениў, теле-радио өнимлерин таярлаўда дөретиўши
инсанлардың жуўапкершилигин күшейтиў, эфир мәдениятын тәмийинлеў, интернет журналистикасында исенимли дәреклерге сүйениў сыяқлы бир қатар мәселелерге итибарды күшейтиў бүгинги күндеги кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпалардан саналады.

Бай тарийхқа ийе болған баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары өткен жыллар даўамында арттырған бай тәжирийбеси, кадрлар таярлаўдағы өзине тән мектеби, материаллық-техникалық базасы менен бүгинги дәўир талабы көзқарасынан нәтийжели жумыс алып барады, деп исеним менен айтыўымыз мүмкин.

Быйылғы жылы «Вести Каракалпакстана» газетасы жарық көргенине 100 жыл,  «Еркин Қарақалпақстан» газетасына 95 жыл, Қарақалпақстан хабар агентлигине 65 жыл, «Қарақалпақстан» телевидениесине 55 жыл, сондай-ақ, «Тараққиёт кўзгуси» газетасына          85 жыл, «Қоңырат ҳақыйқаты» газетасына 75 жыл, «Ақмаңғыт таңы» газетасына 50 жыл толыўы – миллий журналистикамыз мүнәсип раўажланыў басқышларынан  өткенин және бир мәрте дәлиллейди.

Қәдирли дослар!

Елимиз раўажланыўдың жаңа басқышларына қәдем қойып атырған бүгинги күнде барлық тараўларда алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин ҳәмде әҳмийетин терең аңлай отырып, жасларымызды ана-Ўатанымызға, халқымызға, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў, гүллән халқымызды және де ийгиликли ислер әтирапына жәмлестириў жолында пидайылық көрсетесизлер, деп беккем исенемиз.

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, дөретиўшилик жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.

 

  

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                                        М.Ерниязов

 

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы                                                 Қ.Сариев