Бул бойынша сораўларға жуўап бериў мақсетинде жуўапкер шөлкемлер тәрепинен түсиндириў-үгит-нәсиятлаў жумыслары басланды.

Президент мектеплерине жәми 28 446 талапкер ҳүжжет тапсырған. Олардан 27 446 сы таңлап алыў басқыш имтиханынан өтиў имканиятына ийе болған.

Мине сол оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары ушын Ташкент, Хийўа, Нөкис ҳәм Наманган қалаларында 2019-жыл 26-27-28-июнь күнлери Президент мектеплерине таңлап алыў имтиханларына таярлық күнлери (orientation day) – таңлап алыў басқыш имтиханлары болып өтетуғын имарат пенен танысыў илажлары болып өтпекте.

Бул илажларда оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналары имтиханға таярлық бойынша барлық тийисли мағлыўматларды алмақта. Онда имтиханның шәртлери, тәртип-қағыйдалары ҳаққында мәсләҳәтлер берилмекте.

Президент мектеплерине таңлап алыў басқыш имтиханлары (pre-selection) усы жылы 29-июнь – 3-июль күнлери болып өтеди.

Төменде пайтахтымызда «Өзкөргизбесаўда» комплексинде Ташкент қаласындағы Президент мектебине таңлап алыў имтиханларына таярлық күнлери процесинен фоторепортажды итибарынызға усынамыз.

1.jpg

3.jpg

7.jpg

9.jpg

Фарҳод Абдурасулов (сүўрет), ӨзА